Усы жыл 11-февральда Лаҳор қаласында Өзбекстан-Пакистан қатнасықлары тарийхында биринши мәрте «Made in Uzbekistan» миллий өнимлер көргизбеси өз жумысын баслады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Малайзияға рәсмий сапары алдынан 3-февраль күни усы мәмлекеттиң Пенанг штатында "Өзбекстан - Уллы Жипек жолы дүрданасы" Өзбекстан-Малайзия туризм форумы өткерилди.
Туризм комитети баслығының орынбасары Сардор Ниязовтың басшылығындағы Өзбекстан делегациясы биринши мәрте АҚШтың Нью-Йорк қаласында болып өтип атырған «New York Travel and Adventure Show 2025» туризм көргизбесинде қатнаспақта.
Япония пайтахтындағы Миллий көркем өнер сарайында усы жылы 23-январь - 2-февраль күнлери болып өтип атырған "Көркем өнер - шегарадан асып" атамасындағы сүўретлер көргизбесинде Өзбекстан балаларының сүўретлери мүйеши шөлкемлестирилди.
Өзбекстан делегациясы 22-январьда Мадридте өз жумысын баслаған «FITUR» халықаралық туристлик көргизбесинде қатнаспақта. Бул әҳмийетли илаж дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен туризм тараўы қәнигелери ҳәм саяхат қызығыўшыларын бирлестирди.
Соңғы жылларда мәмлекетимиз тәрепинен миллий қәдириятларымызға болған дыққат-итибардың күшейиўи, әсиресе, алыс аўылларда жасаўшы қыз-келиншеклердиң тигиўшилик пенен шуғылланып өзин-өзи бәнт етиўи, оқыў курсларына қатнап шеберлигин арттырыўы ушын жаратылып атырған мүмкиншилик ҳәм қолайлықлар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Жыл сайын шебер ҳаял-қызларымыздың саны артпақта.
Усы жылдың 26-28-ноябрь күнлери Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында қурылыс материаллары, инфраструктура, урбанизация ҳәм электротехника тараўларына қәнигелескен «Big 5 Global» халықаралық көргизбеси өткерилди.
2024-жыл 25-27-ноябрь күнлери Туризм комитети делегациясы Доҳа қаласында болып өтип атырған «Qatar Travel Mart» халықаралық көргизбесинде мәмлекетимиздиң миллий стендин көрсетти.