Туризм комитетиниң баслығы У.Шадиев басшылығындағы делегацияның Жакарта қаласына хызмет сапары даўамында бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилди.
Бүгин Туризм комитети делегациясы Владивосток қаласында (Приморск үлкеси, Россия) "Адмирал" ҳәм "Автомобилист" хоккей командалары арасындағы ойында ықласбентлерге Өзбекстанның бай мәденияты ҳәм дәстүрлери менен танысыў ушын айрықша имканият береди.
Туризм комитетиниң баслығы Умид Шадиев Өзбекстанның Куала-Лумпурдағы елшиханасында Малайзия туризм ассоциациялары, атап айтқанда, Ислам туризм орайы (ITC), Малайзиядағы Бумипутера туроператорлары ассоциациясы (BIMUTRA), Умра ҳәм Ҳаж саяхатлары бойынша мәмлекеттиң жетекши туркомпаниялары ўәкиллериниң қатнасыўында шөлкемлестирилген дөгерек сәўбетинде қатнасты.
Туризм комитетиниң баслығы Умид Шадиев Куала-Лумпур қаласында МАТТА (Малайзия туристлик компаниялары ҳәм туроператорлары ассоциациясы) вице-президенти Шайх Авад ҳәм бас менеджери Мазия Миҳат пенен сөйлесиўлер өткерди.
Куала-Лумпурда Туризм комитетиниң баслығы Умид Шодиев Малайзияның Туризм, көркем өнер ҳәм мәденият министрлигиниң бас хаткери Раслан Абдул Раҳмон менен сөйлесиўлери болып өтти.
6 күн даўам ететуғын бул саяхат даўамында саяхатшылар әййемги қалаларды тамаша етеди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Малайзияға рәсмий сапары алдынан 3-февраль күни усы мәмлекеттиң Пенанг штатында "Өзбекстан - Уллы Жипек жолы дүрданасы" Өзбекстан-Малайзия туризм форумы өткерилди.
Бүгин Ташкент қаласында «Reformatics» халықаралық консалтинг компаниясы ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Туризм комитети баслығының орынбасары Сардор Ниязов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы АҚШтың Нью-Йорк қаласындағы «New York Travel and Adventure Show 2025» туризм көргизбесинде қатнасыўы шеңберинде American Express финанс компаниясы Глобал бизнес саяхат бөлими (Amex GBT) халықаралық байланыслар бойынша бас директоры Прабир Рой менен сөйлесиўлер өткерилди.
2024-жылы Қытайға барған Өзбекстан Республикасы пуқараларының саны 2023-жылға салыстырғанда 8658 ге ямаса 89,4 процентке артқан.