Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Химия-технология факультети физика ҳәм коллоид химия кафедрасының баслығы, химия илимлериниң докторы, доцент Оксана Сейтназарова Сурхандәря ўәлаяты Термиз қаласында өткерилген халықаралық илимий конференцияда қатнасты,-деп хабар бермекте университеттиң баспасөз хызмети.
"2025-2026-жылларда балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (83-сан, 12.02.2025-ж.) қабыл етилди.
Ҳүкимет қарары (78-сан, 11.02.2025 ж.) менен "Оқыўшыларды кәсип-өнерге оқытыўда улыўма орта билим бериў мәкемелери ҳәм исбилерменлик субъектлериниң өз-ара бирге ислесиў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
Енди оларға да қосымша үстеме төленеди.
Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети ректоры ўазыйпасын атқарыўшы, профессор Исламбек Рустамбеков Биринши Өзбекстан-Малайзия билимлендириў форумында қатнасыў ушын Куала-Лумпур қаласына келген еди.
Сурхандәрьялы 11-класс оқыўшысы АҚШта жайласқан “Hobart and William Smith Colleges” жоқары оқыў орнының 100 процентлик грантын жеңип алды.
Президентимиз тәрепинен мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасына берилип атырған итибар ҳәм жаратылған шараятлар себепли, системада үлкен өзгерислер жүз бермекте.
"Тил билген - ел биледи" деген нақыл бүгинги күнде және де үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Елимизде шет тиллерин үйретиўге ҳәр қашанғыдан да үлкен итибар қаратылмақта. Улыўма билим бериў мектеплерине шет тиллерин оқытыў ушын сырт елден 500 ден аслам педагог-қәниге тартылғаны, халықаралық тил сертификатын алыў ушын имтиханнан жоқары балл топлаған жасларға мәмлекетимиз тәрепинен қәрежетлер толық қаплап берилип атырғаны, түрли таңлаўлар, жойбарлар исленип атырғаны пикиримизди дәлиллей алады.
НМПИ таяныш докторанты Айболған Борашева Президент мәмлекетлик стипендиясының жеңимпазы болды,-деп хабар бермекте НМПИ баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Ҳүкиметтиң "Жоқары мағлыўматлы кадрларға мәмлекетлик буйыртпаны қәлиплестириў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары (49-санлы, 29.01.2025-ж.) қабыл етилди.