Спорт — жаңа Өзбекстан мәмлекетлик сиясатының ең әҳмийетли бағдарларынан бири. Соңғы жыллары оның избе-из раўажланыўы жолындағы ҳәрекетлер спорттың ғалабалығын тәмийинлеў менен бирге дүнья ареналарында өзиниң унамлы нәтийжелерин көрсетпекте ҳәм бул жетискенликлер көлеми кеңейип бармақта.
Бүгин Әзербайжанның Баку қаласында дзюдо бойынша "Үлкен Дубулға" турнири старт алады.
Ертең Қытай Халық Республикасының Шенчжен қаласында футбол бойынша U-20 сайланды командалары арасында Азия чемпионаты болып өтеди.
Өзбекстан ампутантлар сайланды командасы Бангладеште болып өткен Азия чемпионатында чемпионлыққа еристи.
Россия Федерациясы Волгаград қаласында жас өспиримлер арасында қылышласыў спорты бойынша Россия чемпионаты болып өтти.
Нөкис қаласында баскетбол бойынша қызлар арасында Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.
Таиландта пара велоспорттың шоссе бағдары бойынша өткерилип атырған Азия чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы улыўма командалық есапта биринши орынды ийеледи.
Германияның Вейссенхаус қаласында өтип атырған шахмат бойынша “Freestyle Chess Grand Slam” халықаралық турниринде Жавоҳир Синдоров артта қалған бес турдан 4 еўинде жеңиске ерискен болса, 1 турда теңбе-тең есапланды.
"Манчестер Сити" клубы қыста қурамға келип қосылған 3 футболшыны Европа чемпионлар лигасы ушын дизимге алды. ю
Усы жылдың 7-февраль күни Германияның Вейссенхаус қаласында басланып атырған шахмат бойынша "Freestyle Chess Grand Slam" халықаралық турниринде гроссмейстерлеримиз Нодирбек Абдусатторов ҳәм Жавоҳир Синдоров жеңимпазлық ушын гүреске кириседи.