Күни кеше Президентимиздиң басшылығында олимпиада ҳәм паралимпиада ҳәрекетин буннан былай да раўажландырыў, ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм халықтың физикалық белсендилигин арттырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Балалар миллий медицина орайында және бир сийрек ушырасатуғын операция қолға алынды.
2025-жыл 1-майдан "Социаллық дәптерлер" қорлары есабынан емлеў ҳәм хирургиялық әмелият өткериў қәрежетлери Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арқалы қаржыландырылады.
Ҳәзирги күнлерде елимизде қыс мәўсими ҳүким сүрмекте. Тәбийий, бул пайытта көпшилик адамларда дем алыў жоллары менен байланыслы кеселликлер көп бақланады. Солардан бири бронхит.
Бүгин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти.
Мәйек жүдә көпшилик ушын сүйикли азанғы аўқат есапланады. Бирақ оны пайдаланыўда әпиўайы қағыйдаларға әмел етпеў ақыбетлери ҳаққында көпшилик билмейди.
Өзбекстан тарийхында биринши мәрте ангиоваскуляр усылда абернетти синдромына қарсы хирургиялық емлеў өткерилди.
Медицина инсан саламатлығын қәстерлеп сақлаўдай ийгиликли мақсетлерге хызмет етеди. Сол себепли бул тараўды раўажландырыў, заманагөй технологиялар менен үскенеленген медициналық орынларды шөлкемлестириў халыққа қолайлық жаратыў менен биргеликте халқымыздың улыўма саламатлық дәрежесин арттырыўда да әҳмийетли орын ийелейди.
Президентимиздиң басламасы менен Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 25-августтағы «Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жайласқан улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде саламат аўқатландырыў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 427-санлы қарарына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жайласқан улыўма орта билимлендириў мектеплеринде 1-4-класс оқыўшыларын бийпул аўқатландырыў бойынша система енгизилген еди.
2025-жыл 1-апрельден шекленген саўда үстемелери тек ғана рецепт пенен берилетуғын дәри қураллары категориясына қолланылады.