AloqaVentures, Startup Garage ҳәм Silkroad Innovation Hub биргеликте стартап экосистемасын раўажландырыў ҳәм оларды халықаралық майданда алып шығыў бойынша стратегиялық бирге ислесиўди жолға қойды.
Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов "Санаат, инновация ҳәм инфраструктура" (SDG9) бойынша биргеликтеги баслық етип сайланды.
2025-жылдың 1-июльинен баслап my.gov.uz порталындағы санлы сервислер арқалы ҳүжжетлерди электрон тәризде усыныў мүмкин.
28-январь күни Нөкис қаласындағы Алоқа банк имаратында Startup Garage филиалы ашылды. Бул жойбар AloqaBank, AloqaVentures ҳәм Startup Garage басламасы менен шөлкемлестирилген. Мәнзил Қарақалпақстан Республикасы, Нөкис қаласы, Ислам Кәримов көшеси 102-жай.
Өзбекстан ҳәм Россия илимпазлары топары видеобақлаў камералары арқалы көшедеги зорлықты анықлай алатуғын нейрон тармақ жаратты.
Усы жыл 1-январьдан аўыллық аймақларда шет тиллерин оқытыўды жолға қойыў ушын субсидия ажыратыўдың гезектеги басқышы басланды.
Енди пуқараларды (шақырылыўшылар ҳәм әскерий хызметке мәжбүрлер) қорғаныў ислери уйымларына шақырыў my.gov.uz мобил қосымшасы арқалы электрон түрде хабардар етиў жолы менен әмелге асырылады.
Жасалма интеллектке таярлық халықаралық индексинде Өзбекстан 17 басқышқа көтерилди.
Ҳүкимет қарары (853-санлы) менен Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў уйымларының электрон реестрин жүргизиў бойынша ҳәкимшилик регламент тастыйықланды.
"Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (847-санлы, 18.12.2024-ж.) қабыл етилди.