Сырдәрья ўәлаяты мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи басқармасының баслығы Наргиза Холбаева Президент тәрепинен "Дўстлик" ордени менен сыйлықланды.
Майыплығы болған жасларға параспорт дөгереклерине қатнасыўы ушын жол ҳақы қәрежетлери ҳәр айда БЕМниң 1 есесине шекемги муғдарда қаплап бериледи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Халықты социаллық қорғаў системасын қаржыландырыў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў ҳаққында"ғы пәрманы (ПП-17-санлы) қабыл етилди.
Бүгин Термизде жайласқан Халықаралық транспорт-логистика хабына БМШ Қашқынлар ислери бойынша Жоқары комиссары басқармасы Глобал тәмийнат тармағы статусын бериўге бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.
Ҳүкимет қарары (72-сан, 10.02.2025 ж.) менен "Юридикалық шахс статусына ийе болмаған кәсиплик аўқамларының бөлимлерин ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлерин есапқа қойыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Таллаў ҳәм изертлеў жумысын шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.
Пуқаралар ҳәм Нызамшылық палатасы депутатлары тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында Концепцияның 10 нан аслам бәнтлерине тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Өзбекстан Миллий баспасөз орайында Өзбекстан Журналистлер аўқамы тәрепинен басып шығарылған "Алтын қәлемли журналистлер" китабының презентациясы өткерилди.
Президент жанындағы Статистика агентлигиниң хабар бериўинше, 2025-жылдың январь айында Өзбекстанда инфляция дәрежеси 0,72 процентти қурады. Бул 2024-жылдың январь айындағы көрсеткиштен (0,64 процент) жоқары, бирақ 2023-жылдың январь айындағы инфляция дәрежесинен (0,82 процент) төмен.
Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине киргизилген өзгерислер менен Миллий гвардияға жаңа ўәкиллик берилди.