Президент қол қойған үшинши ҳүжжетке бола, Алоқабанк жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлайтуғын таяныш "жаслар банки"не айландырылып, оған 200 миллион доллар ажыратылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти, Миллий Олимпия комитетиниң баслығы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 13-февраль күни олимпиада ҳәм паралимпия ҳәрекети, қәнигелестирилген ҳәм ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў және халықтың физикалық белсендилигин арттырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Президент басшылығында 2028-жылғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлықты күшейтиў, ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-февраль күни Россия Федерациясы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары Максим Орешкин басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-февраль күни Халықаралық мәсләҳәт кеңесиниң экспертлери Альфред Гузенбауэр, Александр Квасьневский ҳәм Штефан Фюлени қабыллады.
Президент Шавкат Мирзиёев 10-февраль күни атом энергетикасы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.
Ҳүрметли симпозиум қатнасыўшылары! Ҳүрметли мийманлар! Бәринен бурын, сиз, әзизлерди "Әлийшер Наўайы ҳәм Шығыс Ренессансы" IV халықаралық симпозиумының ашылыўы менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-февраль күни Япония Бас министриниң арнаўлы кеңесгөйи Акихиса Нагасима басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 7-февраль күни аймақларда хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Президент Шавкат Мирзиёев 6-февраль күни химия санаатында 2025-жылғы режелерди додалаў бойынша мәжилис өткерди.