Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар Министрлер Кабинетиниң "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2024-жыл жуўмақлары орынланыўы бойынша есабатын көрип шықты.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы Президент пәрманы қабыл етилди.
Өзбекстанның Россиядағы елшиханасы мәмлекетте нызамсыз жасап атырған өзбекстанлылардың ҳуқықый жағдайын тезлик пенен шешиў илажларын көриў ҳаққында ескертти.
Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
2025-жыл 1-июльден баслап объектлерди қурыўда үлес ийелериниң пул қаржыларын тартыў тек ғана кадастр уйымларында мәмлекетлик дизимнен өткерилген, нотариал тастыйықланған үлеслик қатнасық тийкарындағы қурылыс шәртнамасы тийкарында әмелге асырылады.
"Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳаққында"ғы Нызам (ӨРН-1023-санлы, 03.02.2025-ж.) қабыл етилди.
"Физикалық тәреплердиң Мәмлекетлик шегара арқалы өткериў пунктинен ҳәрекетлениўинде "Фаст-траск" хызметинен пайдаланыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
Ушырасыўда Бас министрдиң орынбасары - Ҳүкимет комиссиясының баслығы Жамшид Ходжаев, Бизнес-омбудсман Дилмурод Қосимов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов исбилерменлердиң усыныс ҳәм мүрәжатларын тыңлады.
"Нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының илимий тийкарланғанлық дәрежесин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (29-санлы, 22.01.2025-ж.) қабыл етилди.
Нызам менен (ӨРН-1020-санлы, 20.01.2025-ж.) айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди