Биринши басқышта 5 тонна, кейин ала басқышпа-басқыш 20 тоннадан пал ҳәм пал ҳәррешилик өнимлери Пакистанға экспорт етиледи.
Екилемши автомобиль базарында жергиликли автомобиллер ҳәм электромобиллер баҳасының төменлеў тенденциясы 2025-жылдың январь айында да даўам етти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң қатнасыўындағы жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыў механизмлерин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-51-санлы, 11.02.2025-ж.) қабыл етилди.
Усы жыл 11-февральда Лаҳор қаласында Өзбекстан-Пакистан қатнасықлары тарийхында биринши мәрте «Made in Uzbekistan» миллий өнимлер көргизбеси өз жумысын баслады.
Президентимиздиң басламасы менен Ферғана ўәлаяты Бозатаў районына қәўендер сыпатында бекитилип, сол тийкарда аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша көплеген унамлы илажлар әмелге асырылмақта. Әсиресе,ферғаналы исбилерменлердиң бозатаўлы кәсиплеслериниң ис-тәжирийбесин арттырыў бойынша алып барып атырған жумыслары мақтаўға ылайық.
Жасурбек Бабажанов атасы баслаған темиршилик дәстүрлерин әкеси Жумамурат Бабажановтан пуқта үйренди.
«Дүньяда бир ҳаял болса да, зергерге жумыс табылады», деген гәп дурыс, әлбетте. Енди ҳаял-қызлардың дейдиндегисин, олардың өзинен басқа ким жақсы биле алады. Әлбетте – ҳаял адам буны жақсы түсинеди.
Алдын хабар берилгениндей, Қарақалпақстан Республикасында көтериңки рухта даўам етип атырған «Исбилермен ҳаял-қызлар ҳәптелиги» шеңберинде Өзбекстанға хызмет көрсеткен исбилермен, “Гүлши апа” кластериниң баслығы Шарофат Нориеваның гүл жетистириў, қулпынай, замаррық өсириў усыллары бойынша мастер-класс өткерилди.
Әзербайжан пайтахтында Өзбекстан тәрепи менен биргеликте «Premier Elektronics» компаниясы шөлкемлестирилди ҳәм оның ашылыў мәресими болып өтти.
Өзбекстан елшиси Равшан Усманов Британияның «Intertek» компаниясының ҳүкимет ҳәм саўда хызметлери бойынша бас менеджери Ирина Беренвальд пенен ушырасыў өткерди.