Ҳәзирги ўақытта медицина мәкемелери тәрепинен пуқараның транспорт қуралын басқарыўға жарамлылығы ҳаққында берилетуғын 083/ҳ түриндеги медициналық мағлыўматнаманы алыў процеси әпиўайыластырылды.
Әлийшер Наўайының естеликлери дүнья бойлап бир қатар қалаларда орнатылған болып, бул уллы шайыр ҳәм ойшылға болған ҳүрмет ҳәм итибар үлгиси болып есапланады.
Кофе - көпшиликтиң сүйикли ишимлиги. Ол кейпиятты көтереди, тетиклик бағышлайды ҳәм күнди нәтийжели өткериўге жәрдем береди. Бирақ оның пайдалы тәреплери менен бирге, сақ болыў керек болған тәреплери де бар.
Исеним хат пенен пенсия алыўды қәлемеген пенсионерлер Өзбекстанға қайтқанынан кейин де алынбай қалған айлардағы пенсияларын белгиленген тәртипте алыў ҳуқықына ийе.
Гейде саўда орынлары ҳәм банклерде "жарамсыз" пулларды қабыл етпейди. Негизинде қандай жағдайларда пуллар "жарамлы" ҳәм "жарамсыз"ға бөлиниўин билесиз бе?
ҚР Билимлендириў ҳәм ағартыўшылық министри Ғани Бейсембаев Ҳүкимет мәжилисинде мәмлекеттеги 10 колледж халықаралық көлемде шөлкемлестирилетуғынын мәлим етти.
Жалалатдин Мангубердиге тийисли яда тасы бүгинги күнде Британия музейинде сақланбақта, деп хабар бермекте Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы Мәлимлеме хызмети.
Қоңыратлы Бахтыбай Жийенбаев темир жол тараўында 37 жыл мийнет етип, бүгинги күнде пенсияда дем алыста.
YouTubeʼте дерлик 20 миллион жазылыўшыға ийе белгили IT-блоггер Маркес Браунли 2024-жылдың тийкарғы смартфонларын таңлады. Видео автордың YouTubeʼтеги каналында жәрияланған.
Арадан сонша жыл өткенине қарамастан, имарат елеге шекем пайтахтымыздың мақтаныш тымсалы болып, Орайлық Азиядағы ең бийик телеминара сыпатында тилге алынады.