Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында Қытайдың DAYU IRRIGATION GROUP Co, LTD. компаниясының жетекши бизнес менеджери Dr. Young ҳәм компания президентиниң мәсләҳәтшиси Dr. Muhammad Wahbalar, Халықаралық Аралды қутқарыў фондының IFAS агентлиги баслығы др. В.Соколов мийманда болып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев ҳәм институт ректоры Б.Жоллыбековлар менен сөйлесиўлер алып барылды.
Өзбекстан суў хожалығы министри Шавкат Ҳамраев елимизге әмелий сапар менен келген Қазақстан суў ресурслары ҳәм ирригация министри Нуржан Нуржигитов пенен ушырасты.
Шаббаз қаўынларының аты әййемги заманлардан берли жети ықлымға таралған. Мазалы, шийрин ийис таратқан қаўынларды жетистириў болса айырықша дәстүр ҳәм мийнет талап ететуғын процесс болып есапланады.
Аўыл хожалығы министрлиги жуўапкерлериниң Малайзияға сапары даўамында мәмлекетимизде креветка жетистириўди жолға қойыў бойынша келисимге ерисилди.
Малайзиялы селекционер илимпазлар тәрепинен жаратылған шорға ҳәм суўсызлыққа шыдамлы, қара, узын ҳәм дәмли салы сортларын Өзбекстанда тәжирийбе сыпатында егип көбейтиў ушын туқымлар алып келинеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев Нөкис районындағы дийқан ҳәм фермер хожалығы басшылары менен ушырасты.
Бир ай мүддетте Қытай, Вьетнам, Ҳиндстан ҳәм Япония мәмлекетлеринен пиллешилик тараўындағы қәнигелерди ҳаял-қызлардың пиллешилик тараўында қысқа мүддетли оқыў курсларына тартыў илажлары көриледи.
Ҳәзирден баслап бәҳәрги егис мәўсимине таярлық көриў, соның ишинде, атызларға суў жеткериў ўазыйпасын атқаратуғын жап салмаларды тазалап, ағын суўдың иркинишсиз өтиўин тәмийинлеў ҳәм жолда ысырап болыўының алдын алыў ушын шараятлар жаратыў егис мәўсими ўақтында жумыслардың жеңиллесиўине мүмкиншилик жаратады.
"Пахта шийки затын жетистириў ҳәм сатыўда базар механизмлерин қолланыўды избе-из даўам еттириў илажлары ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-7-санлы, 17.01.2025-ж.) қабыл етилди.
"Өзбекстан-2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманының жойбарында бул ҳаққында усыныс киргизилген.