Атап өтилиўинше, Батыс Қазақстан ҳәм Ақтөбе ўәлаятларында жайласқан "Алимбет" ҳәм "Сирим" қадағалаў-өткериў пунктлеринде реконструкция жумыслары алып барылып атырғаны себепли ўақтынша жабылыўы режелестирилген.
Бул ҳаққында Қазақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң Автомобиль транспорты ҳәм транспорт қадағалаўы комитети мәлим етти.
Бул қадағалаў-өткериў пунктлери 2025-жыл 1-февралынан баслап 16 ай мүддетке жабылады.