Руўхый ҳәм физикалық уқсаслық ямаса қысқы бағдың қасындағы саўлатлы көринис

    Кем ҳәрекет турмыс тәризи ғалаба түс алған, экологиялық машқалалардың глобал қәўпи инсан саламатлығын да шетлеп өтпеген бир ўақытта саламат турмыс тәризине әмел етиўдиң әҳмийети барған сайын артып бармақта.

    Тыныш ҳәм абадан турмыс кешириў, көплеген асқыныўлы кеселликлердиң алдын алыўда дурыс аўқатланыў, турақлы ҳәрекетте болыў, күн тәртиби ҳәм жумысты биологиялық режим тийкарында шөлкемлестириў, руўхый тынышлық әҳмийетли орын ийелейди.

    Әсиресе, саламат турмыс тәризиниң тийкарғы принциплеринен саналған дене тәрбиясы денсаўлықты сақлаў ҳәм беккемлеўде шексиз әҳмийетке ийе. Қуўанышлы тәрепи, буны аңлап атырған ўатанласларымыздың саны барған сайын артып бармақта. Пайызлы орынлар, дем алыў орынлары, спорт майданшалары ерте таңнан ҳәрекеттеги ўатанласларымыз бенен толып атырғаны усыған тийкар болмақта. Инсан турмысының тәбият пенен байланыслылығы, әсиресе, дем алыў бағлары, дем алыў орынларында физикалық шынығыўлар менен бәнт ўатанласларымыздың ҳәрекетлери, ой-пикирлеринде айқын көринбекте. Усындай спорт ықласбентлери менен сәўбетлесиў ушын пайтахтымыздың сулыў орынларынан бирине жол алдық.

    Бул жерде йога айўаны, мини футбол, пляж волейболы, теннис майданшасы ерте таңнан саламат турмыс тәризин таңлаған ўатанласларымыз бенен толы. Спортты сүйиўши жаслардың биреўи топ тепкен, екиншиси волейбол топын тордан асырыўға ҳәрекет етип атыр. Бадминтон майданшасында да беллесиў қызғын. “Workout” майданындағы тренажёрларда жигит-қызлар шынығыўлар алып бармақта. Алдағы ашық жерде болса ҳәр қыйлы жастағы 25-30 ға шамалас ўатанласымыз тренер жәрдеминде дене тәрбиясы шынығыўларын орынлаў менен бәнт. Оларға жақынласып бардық. Қатнасыўшылар тренердиң көрсетпелерин дыққат пенен тыңлап, оған қатаң әмел етпекте. Тәбияттың қушағында, ашық ҳаўада орынланып атырған бул ҳәрекетлер бизге раўажланыўдың өними болған барлық қолайлылықтан шегинип, тәбийийлыққа қарай бас умтылыўды еслетти. Өз-ара инсаныйлық қатнасықлар, умтылыслар, мақсетке қарай гүреслер, жолдағы тосқынлықлар ҳәм оны жеңип өтиў бағдарындағы шешимлер мине усы ҳәрекетлер барысында көз алдыма келди.

    Әжайып көринис. Ериксиз кейпият көтериледи. Себеби, бул инсанлардың ҳәр бири саламатлыққа, физикалық жетикликке умтылып атыр. Руўхый тынышлыққа мүтәжлик бар. Бир-бирине пүткиллей жат инсанлардың ерте таңнан бир жерге жыйналыўы, пикирлесиўи, тәбият қушағында физикалық, өз орнында руўхый тәрбия менен шуғылланыўы негизинде мине усы зәрүрликтиң үстин екенин сезиў қыйын емес.

    "Ҳаўа райына итибар бермеймиз"

    - Топарымыз "Пингвин" деп аталады, - дейди Мавлудахон Раҳмонқулова дене тәрбиясы шынығыўларын орынлаў ўақтында. - Бул атама бийкарға берилмеген. Себеби, қар ямаса жаўын, суўық ҳаўа райы мшынығыўларымызға кесент бермейди. Жаздың ыссысы, қыстың аязында да ерте азаннан усы жерде жыйналысамыз. Бул жерге келгенге шекем дизем қатты аўырыўдан бүгилмейтуғын еди. Жүрегим тынышсызланатуғын, күннен-күнге қан басымы көтерилетуғын еди. Ҳәзир мине усы кеселликлерден ҳеш ңарсе қалмаған. Шынығыўлардан соң бағ жоллары бойлап 3-4 мәрте айланамыз. Усы арқалы 10 мың адым жүргенимизди гейде өзимиз де сезбей қаламыз. Шынығыўларға келмеген күним ўақтым телефонды бийкарға шуқлаў менен өтеди. Аўырыўлар тағы тынышсызландыра баслайды. Соның ушын, ҳәр күни келиўге ҳәрекет етемен. Шыпакерге мүрәжат етиўге зәрүрлик жоқ. 60 жасымда болсам да, өзимди 18 жастағыдай сеземен.

    Қыстың суўығы ҳүким сүрген болса да, қуяштың ҳәлсиз нуры әтирапты жылытыўға әсте-ақырын жылтыра баслайды. Суўық ҳаўадан өкпеси толып дем алып атырған "Пингвин" ағзалары суўыққа да итибар бермей шынығыў өткермекте. Себеби, таза ҳаўа уйқы сапасын жақсылайды, өкпениң нәтийжели жумыс ислеўине жәрдем береди, организмди кислород пенен жетерли тәмийинлеп, шыдамлылықты арттырады, кеселлик ҳәм инфекцияларға қарсы гүресиўде жәрдем беретуғыны оларға белгили.

    Айтқандай, шыпакерлердиң атап өтиўинше, қуяш нуры сүйек беккемлиги ҳәм иммунитет системасы ушын зәрүр болған Д витамининиң ислеп шығарылыўын хошаметлейди. Организмде уси дәрилик зат жетиспесе, остеопороз, ҳәлсизлик, шаршаў ҳәм депрессия пайда болыўы мүмкин. Оған, әсиресе, усы қыс күнлеринде итибарлы болыў әҳмийетли. Қуяш нуры күшсиз болса да, дене оған тойыныўы зәрүр.

    "Соңғы рет қашан дәриханаға барғанымды еслей алмайман"

    Қәнигелердиң пикиринше, бүгинги күнде инсан саламат турмыс тәризине әмел етиў арқалы 100-120 жасқа шекем өмир сүриўи мүмкин. Онда, әлбетте, азық-аўқат тәмийнаты, дем алыў, сапалы медициналық хызмет, жасаў ҳәм ислеў ушын жетерли шараятлар қатарында физикалық жүклемениң де орны айрықша. Ҳәрекет организмниң күшин арттыратуғынын, унамлы, саламат өзгерислерге түртки беретуғынын бүгин азанғы сейилге шыққан, дене тәрбиясы менен шуғылланған ҳәр бир ўатанласымыз аңлап атырғаны, олардың қатары барған сайын кеңейип баратырғаны қуўанышлы. Өзин дзюдо бойынша халықаралық категориядағы спорт устасы Абдукарим Тангриев деп таныстырған жерлесимиз сәўбетке қосылады:

    - Халқымыз "Сап денеде сап ақыл" деп бийкарға айтпаған. Шаңарақ ағзаларым ушын тәбият қойнында, таза ҳаўада шуғылланыў әдетке айланған. Ҳәр күни таң азанда усы жерге келемиз. Биреўи пияда жүрсе, және биреўи жуўырады, тренажёрларда шуғылланады, топар болып дене тәрбиясы шынығыўларын орынлаймыз. Кеселликлер шегинип кеткен, соңғы рет қашан дәриханаға мүрәжат еткенимизди еслей алмайман. Шаңарақта руўхый тетиклик, руўхый саламатлық бар. Стресслерге орын жоқ. Спорт пенен шуғылланып, жасаўдан кеўлиңиз толып атырғанын сезесиз.

    Спорт ең әҳмийетли тәреплерге итибар қаратыўды үйретеди

    "Инсан өзин, тәбиятын қандай болса сондай қабыл еткенде, жүрек тынышлығына, мақсетлер қойыў ҳәм оларға ерисиў, өзин ҳәм турмыс тәризин басқарыў қәбилетине ийе болады. Әҳмийетлиси усы уқыпты раўажландырыў. Жаслығымда ҳәлсиз ҳәм әззи болғанман. Бираз тартыншақ едим, өзиме болған исеним жоқары емес еди. Сол себепли, спорт пенен шуғылланыўға қарар еттим. Сол-сол екен спорт мениң жолдасыма айланды. Әсте-ақырын сөйлесиў қәбилетим жақсыланып барды. Өзимди-өзим қәдирлей басладым. Бул әтираптағылардың маған ҳүрметин арттырды. Жаңалықларға ашық болдым. Буның есабынан машқалаларды стандарт емес, бирақ нәтийжели усылларда шешиўди үйрендим".

    Бул мен бағда, шынығыўлар ўақтында таныс болған 83 жасар тренер ҳаялдың сөзи. Оның менен узақ сәўбетлестик. Өзин Любовь Ивановна деп таныстырған ҳаял ҳәр күни азанда шынығыў ушын қаланың бир шетинен усы жерге келеди екен. Ол физикалық шынығыўлар менен шуғылланыўды қәлеген жас ҳәм кекселер менен ислейди. Шынығыўлар бас, ийин, қол, аяқ, дизе, пүткил организм искерлигин жақсылаўға бағдарланған. Шынығыўлар пүткиллей бийпул.

    Ҳаялдың бетине тигилип қарайман. Жеңил, дерлик сезилмейтуғын күлки, ҳайран қаларлық дәрежеде жанлы көринис жүзине өзгеше мәнис берген, әпиўайы бас кийиминен шығып турған ақ шашы өмир тек ғана өтпегенинен дерек беретуғын еди. Ол әмелге асырып атырған шынығыўларындай тегис ҳәм асықпай сөйледи:

    "Спорт инсанды ең әҳмийетли тәреплерге итибар қаратыўды үйретеди. Турмыста сизди әрманларыңызды әмелге асырыўдан алжастыратуғын көп нәрсе бар. Ҳәм руўхый, ҳәм физикалық төменлеўге алып келиўи мүмкин болған бундай жағдайларда физикалық жүклеме сизге жәрдемге келеди", дейди ол.

    Ҳаялдың әпиўайылығынан кеўлим жайнайды. Сәўбетлесиўдиң мазмунын талқылай отырып, өзимше жаңа дүнья ашқандай қуўанаман. Инсанның өз "мен"ин табыўға, ҳадал болыўға умтылыўы, бул дүньядағы қәдир-қымбатын ҳәм әҳмийетин сезиниў зәрүрлиги аңсат өтип кетпейтуғынын билемен. Бирақ, бул инсанды пазыйлетли ететуғыны да анық ҳақыйқат.

    "Психологлардың атап өтиўинше, физикалық белсендилик инсанды қәўетерлениў ҳәм руўхый түскинликтен қутқарады. Спорт тек ғана физикалық емес, ал ишки, руўхый күшти арттырады, жаңалықлардан қорықпаўға, қыйыншылықларға тик қараўға, оларды жеңиўге, өзин қайта тиклеўге үйретеди", дейди сәўбетлесим.

    Турмыс сапасын арттырыў, берилген өмирди ақылый, физикалық ҳәм руўхый жақтан жақсы өткериў, басқаларға жақсылық ислеўде үлги болатуғын бундай инсанлардың бар екенлиги кеўлимизге айдынлық бағышлайды.

    Ашық ҳаўадағы шынығыў ҳеш қандай төлем талап етпейди

    Ашық ҳаўадағы физикалық белсендилик қан басымы ҳәм жүрек урыў тезлигин төменлетиўге жәрдем береди. Инсанның руўхый жағдайына унамлы тәсир етеди. Тәбийий ландшафтлар себепли эндорфин - тынышсызлық ҳәм стрессти азайтыўшы бахыт гормоны ислеп шығарылады.

    Пияда, скандинавша жүриў, велосипедте сейил етиў, жуўырыў, йога, дене тәрбиясы ҳәм спорттың басқа түрлери менен шуғылланыў мүмкин. Қызықлы ҳәм көп қырлы шынығыўлар ҳәр қыйлы жастағы, мақсети ҳәм кәсиби уқсас инсанларды бир жерге жәмлейди, социаллық байланысларды раўажландырады. Қатнасыўшылар өз-ара пикирлесиў арқалы жақсы тәжирийбелерди үйрениўи, бир-бири менен бөлисиўи мүмкин.

    - Ҳәр күни азанда жуўырыў ушын бағқа келемиз, - дейди "Дослық Ташкент" футбол клубының ойыншысы Сардор Ҳожибоев. - Бул жерде дослар арттырдым. Олар менен гейде футбол ойнаймыз. Спорт инсанды сабырлылыққа, шыдамлылыққа үйретеди. Ўақытты дурыс бөлистирип, физикалық ҳәм руўхый жақтан сергек болыўға ҳәрекет етемен. Денсаўлығымнан наразы емеспен. Шаңарақ ағзалары мени көрип спорт пенен шуғылланыўға қарар еткен. Мәселен, анам аўқат сиңириўде қыйналатуғын еди. Әсте-ақырын жүриў, шынығыўларды орынлаўға үйренгенлиги себепли бул машқала артта қалды.

    Ашық ҳаўадағы жүриў ҳәм шынығыўлар денсаўлығымызды сақлаў ҳәм беккемлеў, турмысымыздың сапасы ушын әҳмийетли. Қалаберсе, бул ҳеш қандай төлем талап етпейди. Нәтийже болса әмелде - саламатлығымызда көзге тасланып барады.

    "10 мың қәдемди биймәлел басып өтемиз"

    Адамлар менен сөйлескенимде кеўлимде жағымлы сезим пайда болады. Олардың барлығы физикалық шынығыўлар өмирине унамлы өзгерислер берип атырғаны, денсаўлық пенен байланыслы машқалалары сапластырылғаны, денсаўлығы, кейпияты жақсыланып атырғаны ҳаққында сөз етеди. Бул болса бүгинги жедел дәўирде саламат турмыс тәризиниң әҳмийети қаншелли артып атырғанынан дәрек береди. Ҳақыйқатында да, пүткил дүньяда денсаўлықты сақлаў ҳәм қорғаў тенденциялары даўам етпекте. Көпшилик адамлар зыянлы әдетлерден ўаз кешиў, дурыс аўқатланыў, тек ғана физикалық емес, ал руўхый саламатлықты жақсылаў имканиятын беретуғын спорт түрлери менен шуғылланыўға умтылмақта. Оның ушын елимизде зәрүр шараят жаратылған. Бағлар, дем алыў орынлары, спорт майданлары саламат турмыс тәризин қәлеўшилер менен толып атырғаны кеўлимизге тынышлық бағышлайды. Олар менен сәўбетлесиўге ҳәрекет етемен.

    - Мирабад районында жасаймыз. Бул бағ үйимизге онша жақын болмаса да, ҳәр күни азанда өмирлик жолдасым менен 10 мың қәдем жүриў ушын усы жерге келемиз, - дейди Фозил Каримбоев. - Бул денсаўлығымыздың жақсыланыўына унамлы тәсир көрсетпекте. Салмақ тасладық, қантлы диабет, қан басымы бақланбайды. Бурын көп аязлайтуғын едим. Ҳәзир иммунитетим жақсы, дерлик аўырыўмайман. Бирақ, пияда жүриўди, сейил етиўди қойсам ғана ҳәлсизлик, аўырлық сезими пайда болады. Соның ушын, шынығыўларды қоймайман. Бағдың ҳаўасы таза, адамның кеўли қуўанады. Сейил етиў, жүриў ўақтында шаңарақ мәселелери, балалар тәрбиясы ҳаққында сөйлесемиз.

    Қәнигелердиң пикиринше, пияда жүриў жүрек-қан тамыр кеселликлери қәўпин 31 ҳәм өлим қәўпин 32 процентке қысқартады. Жүриў көкирек бези ракы ҳәм еки түрдеги қантли диабет кеселлигине ушыраўды азайтады. Буннан тысқары, сүйек ҳәм булшық етлерди беккемлейди, артериал басым, қанда холестерин муғдарының төменлеўине себеп болады, уйқы жақсыланады. Күнине 10 мың қәдем жүрген инсанның бир айда кеселлик белгилери азайып, 9-10 килограммға шекем артықша салмақтан қутылады.

    Саламат инсан - жәмийеттиң бийбаҳа байлығы

    Ҳәр бир инсан қызықлы ҳәм өнимли турмыс кешириўди қәлейди. Жәмийетте өз орнын табыў, кәсиплик жумысында өзин-өзи аңлаў, ашыў, шаңарақлық қатнасықларда турақлы, бос ўақытты мазмунлы шөлкемлестириў турмысқа рәң бәреңлик бағышлайды. Бирақ, денсаўлығы қыйнаса, анық пикир ҳәм дүньяға унамлы мүнәсибет болмаса, турмыста табысқа ерисиў аңсат емес. Соның ушын инсан турмысының ҳәр қыйлы тәреплерин раўажландырыў ҳәм белсенди узақ өмир сүриўге ерисиўдиң ең әҳмийетли шәрти саламат турмыс тәризи болып есапланады.

    Туўысқанларының тынышлығы, келешеги ушын жуўапкер шахс өзинде саламатлық мәдениятын қәлиплестиреди. Денсаўлығына жеке жуўапкершилик сезими шаңарақ ағзаларының денсаўлығы, тыныш күнлери, перзентлердиң бахытлы ҳәм абадан турмыс кешириўге қойылатуғын әҳмийетли қәдем. Саламат миллет камалы болса жәмийеттиң бийбаҳа байлығы, күшли мәмлекет белгиси болып есапланады.

    Мине усы ойлар менен бағдан шығып атырғанымда, гөззаллық ҳәм тынышлық тымсалы болған бул сулыў орын саламатлық қәлеген ҳәрекеттеги адамлар менен және де гөззалласқанына гүўа боламан. Бағ шетинен өткен дәрья суўында аспанның айнасы көзге тасланады. Тереклердиң басы бүгилген, тым-тырыс, бул ландшафттың гөззаллығын және де арттырады. Денени түршиктиретуғын суўық ҳаўа суўды жағалап жүрип ҳәм жуўырып атырғанларға тәсир етпейди. Олардың руўхында тынышлық ҳүким сүреди. Арманырақта - шақалар, тереклер арасында шынығып атырғанлар тиришиликтиң қәдири қаншелли жоқары екенин, саламат ҳәм толық турмыс тилегин билдирип атырған болса керек. Тәбиятқа терең сезимли байланыстың физикалық белсендилик пенен уйқаслығы саўлатлы көринисти пайда еткен, орталық жүдә ләззетли еди.

    Рисолат МАДИЕВА,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы