Қусшылық ҳәм шарўашылық бойынша режелер таныстырылды

    Президент Шавкат Мирзиёев 21-январь күни қусшылықты раўажландырыў ҳәм жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў илажлары бойынша презентация менен танысты.

    Бул тармақлар халықтың азық-аўқат қәўипсизлигин ҳәм арзанлығын тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди. Кейинги жыллардағы шараятлар ҳәм жойбарлар нәтийжесинде өнимдарлық избе-из артып бармақта. Бул пәтти даўам еттирип, усы жылы 1 миллион тонна қус гөши, 10 миллиард 500 миллион дана мәйек жетистириў мөлшерленген. Экспортты 2 есеге арттырып, 180 миллион долларға алып шығыў нәзерде тутылған.

    Шарўашылықта 1 мың 350 жойбарды иске қосып, 3 миллион 200 мың тонна гөш жетистириў, 13 миллион тоннадан аслам сүт алып, оның 30 процентин санаат усылында қайта ислеў есап-санақ етилген.

    Презентацияда усы көрсеткишлерге ерисиў бойынша усыныслар көрип шығылды.

    Мәселен, елимизде гөш бағдарындағы қуслардың 1-тәртип генетикасын шөлкемлестириў басланған. Сырт ел компаниялары менен биргеликте енди оны мәйекшиллик бойынша да жолға қойыў мөлшерленбекте.

    Қусшылық кооперациясы бойынша Әндижан, Наманган, Самарқанд ҳәм Хорезмде жақсы тәжирийбелер бар. Онда да адамлар дәрамат таппақта, таўықшылық кәрханаларының жумысы жүрмекте.

    Мәселен, Қўшрабат районындағы "Жети ғәзийне" кәрханасы шаңарақларға шаншылған таўық, қәпесс ҳәм жем тарқатып, мәйегин өзи сатып алмақта.

    Бундай жойбарларды барлық ўәлаятларда ислеп, өним ҳәм жумыс орынларын көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Оған 50 миллион доллар қаратылатуғыны белгиленди.

    Ўақытша тоқтаған ямаса кем қуўатлылықта ислеп атырған қусшылық кәрханаларын финанслық саламатландырып, жумысын жақсылаў бойынша көрсетпелер берилди.

    Халық азық-аўқатының және бир үлкен дәреги жайлаўлар. Бирақ олардың дерлик ярымынан пайдаланылмай атыр. Себеби жайлаў өсимликлери туқымгершилиги раўажланбаған, суў қурылмалары ҳәм қудықлар жетиспейди. Бундай майданлардың картасы ҳәм ижарасы санластырылмаған.

    Сол себепли жайлаўларды Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң системасына өткериў усыныс етилмекте. “E-yaylov” электрон картасы ислеп шығылып, ҳәр бир майдан усы системаға киргизиледи. Онда шарўа, егин ямаса геологиялық мөлшерленген орынлар анық көрсетиледи.

    Бундай майданлар ең көп болған 7 ўәлаятта жайлаў хожалықлары шөлкемлестириледи. Олар тоғай хожалықлары сыяқлы жайлаўларды сақлаў ҳәм нәтийжели пайдаланыўға жуўапкер болады. Жайлаў хожалықларындағы жерлер аукцион арқалы шарўа бағыў, писте, бадам сыяқлы нәллерди егиў ушын халыққа 30 жылға ижараға бериледи.

    Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, жайлаўларды деградациядан шығарыў, қосымша қудықлар қазыў ҳәм жайлаў туқымгершилигин шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берди.

    Быйыл 500 мың гектар жайлаўда 1 миллион бас қойды тәртипли бағыў бойынша үлги жойбар әмелге асырылатуғыны айтылды.

    Шарўашылық ҳәм қусшылық кәрханаларын қаржылай қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды. Жаңа жойбарлар ҳәм кооперация есабынан халықтың бәнтлигин арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    No date selected
    February 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    Use cursor keys to navigate calendar dates