Өзбекстанда электрон сигареталарды қадаған етиўши нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди

    24 қаңтар 2025 417

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде айырым нызам ҳүжжетлерине айырым түрдеги темеки өнимлериниң, темеки ҳәм никотинди пайдаланыў үскенелериниң айланысына байланыслы талапларды буннан былай да күшейтиўге қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылмақта.

    Бул нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасында никотинди пайдаланыў қураллары, соның ишинде, электрон сигареталар ҳәм олар ушын суйықлықлардың айланысы (ислеп шығарыў, таярлаў, сақлаў, тасыў ямаса өткериў, Өзбекстан аймағына алып кириў, алып шығыў) қадаған етилмекте.

    Буннан тысқары, айланысы қадаған етилген шегиўге болмайтуғын темеки өнимлери, никотинди пайдаланыў үскенелери, соның ишинде, электрон сигареталарды нызамға қайшы түрде айланысқа киргизиў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

    Мәжилисте атап өтилгениндей, нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде жуўапкер комитет тәрепинен депутатлар берген усыныслар тийкарында ондағы нормалар жетилистирилди ҳәм жойбар тексти жетилистирилди.

    Депутатлардың айтыўынша, нызам жойбарының қабыл етилиўи халықтың өмири ҳәм денсаўлығын буннан былай да қорғаўға, миллет генофондын сақлаўға, қоршаған орталықты темеки ҳәм никотин өнимлериниң жаңа түрлеринен қорғаўға хызмет етеди.

    Нызам жойбары үшинши оқыўда қабыл етилди.

    No date selected
    February 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    Use cursor keys to navigate calendar dates