Бул жетекши сырт ел финанс институты менен әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм биргеликтеги басламаларды алға қойыў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз жетекшиси JICA басшысының бул ретки сапары экономикалық ҳәм финанслық-техникалық тараўлардағы бирге ислесиўдиң жаңа басқышын баслап беретуғынын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Агентликтиң Жаңа Өзбекстанды қурыў бағдарындағы реформаларды қоллап-қуўатлаўда стратегиялық шерик сыпатындағы орны атап өтилди.
Бүгинги күнде энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм басқа да бағдарлардағы биргеликтеги жойбарлар портфели 8 миллиард доллардан асламды қурамақта. Өткен жылы бирге ислесиў бойынша үш жыллық бағдарлама қабыл етилген еди.
Өзбекстан-Япония инсан ресурсларын раўажландырыў орайы ҳәм Жаслар инновация орайы нәтийжели жумыс алып бармақта.
Агентлик арқалы 2,5 мыңнан аслам өзбекстанлы қәниге Японияда оқыды ҳәм әмелият өтеди. Усы мәмлекеттен келген кеўиллилер Өзбекстанда әҳмийетли социаллық ҳәм гуманитарлық жойбарларды әмелге асырыўға үлес қоспақта.
Буннан тысқары, күни кеше Ташкент қаласында Республикалық қәнигелестирилген неврология ҳәм инсульт илимий-әмелий медицина орайын қурыў ҳәм үскенелеў ҳаққында келисимге қол қойылды.
Өзбекстан Президенти JICAның мәмлекетимиздеги жумысын кеңейтиў бағдарындағы режелерин қоллап-қуўатлады.
Жеке меншик сектор жойбарларын әмелге асырыў, япониялы инвесторлар ушын арнаўлы экономикалық зона шөлкемлестириў, Япония университетин ашыў, сондай-ақ, профессионал билимлендириў тараўында бирге ислесиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
"Жол картасы" тийкарында ағымдағы ҳәм перспективалы жойбарларды алға қойыўдың жаңа механизмлерин енгизиўге келисип алынды.