Өзбекстан Президенти Антониу Кошта Европа Кеңесиниң басшысы лаўазымына сайланғаны менен қызғын қутлықлап, оған үлкен табыслар тиледи.
Кейинги жыллары Өзбекстан менен Европа Аўқамы арасындағы көп қырлы бирге ислесиў жоқары дәрежеге көтерилгени ҳәм барлық тийкарғы бағдарларда жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Ҳәр қыйлы дәрежелерде жедел сөйлесиў ҳәм алмасыўлар алып барылмақта. 2024-жылы Өзбекстанның Европа Аўқамы мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми 6 миллиард евродан асты, Европа компаниялары менен жойбарлар портфели 30 миллиард евроға жетти.
Өткен жылы оғада әҳмийетли минерал ресурслар тараўында стратегиялық шериклик ҳаққындағы келисимге қол қойылды. Транспорт ҳәм санлы өз-ара байланыслылық, "жасыл" экономика, мәденият ҳәм басқа да бағдарларда нәтийжели бирге ислесиў алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы ҳәм Европа Аўқамы арасында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге тез пурсатта қол қойылыўы өз-ара қатнасықлардың пүткил комплексин раўажландырыўға үлкен түртки болатуғынына исеним билдирилди.
Өзбекстан жетекшиси ҳәм Европа кеңесиниң басшысы халықаралық күн тәртиби ҳәм регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысты. Усы жылдың апрель айында Самарқанд қаласында "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммитине таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша биргеликтеги режелер додаланды.