Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары шеңберинде 15-январь күни Дубайда БАӘ Вице-президенти, Бас министри Шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум менен сөйлесиў өткерди.
Ушырасыўда бүгин болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң нәтийжели болғаны ҳәм Өзбекстан-БАӘ қатнасықларын стратегиялық шериклик дәрежесине көтергени жоқары баҳаланды.
Мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм басқарыў кадрларын таярлаў сыяқлы тараўларда жедел сөйлесиўлер ҳәм нәтийжели бирге ислесиў алып барылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жоқары технологиялар, санластырыў, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм басқа да перспективалы бағдарларда жаңа жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға келисип алынды.
БАӘдеги шериклер менен Өзбекстанда жасалма интеллект тараўында тығыз бирге ислесиўден мәпдарлық билдирилди.
Дубайдың алдынғы шешимлерин қала қурылысы тараўына, соның ишинде, Жаңа Ташкентте заманагөй инфраструктураны жаратыў шеңберинде енгизиўге айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер жедел сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм әмелий шерикликтиң барлық бағдарларында кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алды.