Көп қырлы бирге ислесиў ҳәм тийкарғы бағдарлардағы әмелий шерикликти буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Бүгин Өзбекстан-БАӘ қатнасықларын стратегиялық шериклик дәрежесине алып шыққан жоқары дәрежедеги тарийхый сөйлесиўлердиң жуўмақлары қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Күни кеше Бирлескен Араб Әмирликлериниң жетекши компания ҳәм холдинглериниң басшылары менен ерисилген келисимлердиң толық әмелге асырылыўы қоллап-қуўатланды.
Ушырасыўда өз-ара саўда ҳәм инвестициялар көлемин буннан былай да арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Турақ жай ҳәм транспорт инфраструктурасы, энергетика, таў-кән санааты, қала қурылысы, санластырыў ҳәм басқа да тараўларды раўажландырыў бойынша кооперация жойбарларын алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Жасалма интеллект бағдарында, соның ишинде, тараў қәнигелерин таярлаў бойынша биргеликтеги жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыў перспективалы бағдар сыпатында белгиленди.