З.Низамходжаев ҒМДАға ағза мәмлекетлер сайлаў уйымлары баслықларының Мәсләҳәт кеңеси мәжилисинде қатнасты

    Усы жылы 24-январь күни Минск қаласында Беларус Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының басшылығында ҒМДАға ағза мәмлекетлер сайлаў уйымлары баслықлары Мәсләҳәт кеңесиниң төртинши мәжилиси болып өтти.

    Мәжилисте Кеңес ағзалары - Беларус Республикасы (И.Карпенко), Қырғыз Республикасы (Н.Шайлдабекова), Россия Федерациясы (Е.Памфилова) ҳәм Өзбекстан Республикасы (З.Низамходжаев) ҳәм видео-конференц байланыс түринде Қазақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы (Н.Абдиров) қатнасты.

    Сондай-ақ, мәсләҳәт даўысы ҳуқықына ийе болған ҒМДА Бас хаткери С.Лебедев ҳәм ҒМДА ПА Секретариатының басшысы - Бас хаткери Д.Кобицкий қатнасты.

    Мәсләҳәт кеңеси мәжилисиниң қатнасыўшыларын ҒМДА Бас хаткери С.Лебедев қутлықлады.

    Электорал додалаўлар шеңберинде Кеңес ағзалары төмендеги темаларда баянатлар тыңлады 2024-жылы Қазақстандағы сайлаў процесслери, Қырғыз Республикасында жаңа сайлаў цикллериниң басланыўы - ҳәкимшилик-аймақлық реформалар шеңбериндеги жергиликли сайлаўлар, ҒМДАға ағза мәмлекетлер сайлаў уйымлары басшылары кеңеси мәмлекетлери арасында регионаллық бирге ислесиў перспективалары.

    Мәжилисте ҒМДА ПА Кеңеси Секретариаты басшысының орынбасары, ҒМДА ПА ДРПХИ директоры И.Мушкет "ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясының сайлаўлар ҳәм референдумлар бойынша халықаралық бақлаўының отыз жыллығы тәжирийбе ҳәм перспективалар" атамасында баянат жасады.

    Өзбекстан Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низамходжаев Кеңес жумысының зәрүрлигин ҳәм әҳмийетлилигин атап өтти. З.Низамходжаевтың атап өткениндей, Кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары ҒМДАға ағза мәмлекетлер сайлаў уйымлары арасында бирге ислесиўди раўажландырыўға жәрдемлесиў, сайлаў процесслерин жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў, сайлаўшылардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў ҳәм қорғаў бойынша ҳуқықый тийкарларды раўажландырыў және демократиялық сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў.

    З.Низамходжаев 2024-жылғы сайлаў кампаниясының айырым тәреплерине тоқтап өтип, ол Өзбекстан тарийхында биринши мәрте мәмлекеттеги мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына сайлаўлар аралас сайлаў системасы тийкарында өткерилгенин ҳәм табыслы өткенин атап өтти. Сайлаўалды үгит-нәсиятлаў процесинде аралас сайлаў системасының енгизилиўи сиясий партиялар арасында ҳәм жәмийетте демократиялық орталықты күшейткенин көриў мүмкин.

    Сайлаўларды бақлаў ушын 850 ден аслам халықаралық бақлаўшы, соның ишинде, 560 бақлаўшы ҒМДА Атқарыў комитети ҳәм ҒМДА ПА, ЕҚБШ ДИИҲБ ҳәм ЕҚБШ ПА, Европа Кеңеси, ТМШ, ТүркПА, Азия ПА, ШБШ, ИБШ, ИФЕС сыяқлы халықаралық шөлкемлерден қатнасты.

    Сондай-ақ, 245 жеке тәртиптеги бақлаўшылар аккредитация етилди. Олардың арасында АҚШ, Уллы Британия, Ҳиндстан, Қытай, Германия, Япония, Түркия, Әзербайжан, Россия, Корея, Пакистан, Франция, Италия, Қырғыз Республикасы ҳәм басқа да көплеген мәмлекетлерден бақлаўшылар бар еди.

    З.Низамходжаев халықаралық бақлаўда сайлаўларды 65 мыңнан аслам жергиликли бақлаўшылар, соның ишинде, 55 мың сиясий партиялардан ҳәм 10 мыңнан аслам пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан бақлағанын атап өтти.

    Мәсләҳәт кеңесиниң мәжилисинде сайлаў тараўында жаслар сиясаты бойынша жумысшы топар шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилди.

    Мәжилис нәтийжелери бойынша ОСК баслығы З.Низамходжаев Беларус ҒХҚ ўәкиллерине интервью берди.

    Орайлық сайлаў комиссиясы.