Халқымызда "Кеңесли той тарқамас, кең шапан тозбас" деген нақыл бар. Әсирлер даўамында өз қәдирин жоғалтпаған бул ҳикметли сөзлер кейинги жылларда мәмлекетлик басқарыўда, әмелге асырылатуғын реформалар режесинде де кеңнен қолланылмақта.
Президентимиз мәмлекетлик сиясатта, реформалардың мазмун-мәнисинде халықтың разылығына, ўатанласларымыз бүгин не тилеп атырғанына, қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлеринде халықтың мәплери қай дәрежеде өз көринисин таўып атырғанына айрықша итибар қаратпақта.
Мәмлекетимизде 2021-жылдан баслап экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий әҳмийетке ийе нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбары жәмийетшиликтиң додалаўынан өткерилип келинбекте. Халқымыздың жәмийетлик турмысқа байланыслы мәселелерди мәсләҳәтлесиў сыяқлы әсирлик қәдириятының заманагөй көриниси болған бул тәртип жәмийетшилик тәрепинен де қоллап-қуўатланды. Ўатанласларымызда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысқа байланыслы мәселелерге байланыслылық сезими, пуқаралық позициясы артып бармақта. Буны Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы Конституциясы жойбары, мәмлекетлик бағдарламалар жойбарының додалаўлары мысалында да көриў мүмкин.
Ҳәр бир ҳүжжет халық ўәкиллери тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усыныслар есапқа алынған ҳалда қабыл етилип, турмысқа енгизилмекте.
Бул дәстүр бүгин де даўам етпекте. Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы"нда әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама ҳәм оны тастыйықлаў ҳаққында"ғы пәрманы жойбары кең жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланды.
Бағдарлама жойбарында 5 тийкарғы бағдар бойынша 2025-жыл ушын 235 әмелий илажды әмелге асырыў, 87 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетти қабыл етиў ҳәм бир қатар мақсетли көрсеткишлерге ерисиў нәзерде тутылмақта.
Жыл атамасынан келип шығып, жойбарда қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл" экономика бағдарындағы ўазыйпалар тийкарғы әҳмийетке ийе болғанын көриў мүмкин. Атап айтқанда, "жасыл" экономика бағдарында қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесин арттырыў, электр энергиясы ушын "жасыл" тарифлерди енгизиў, энергия ҳәм суў тутыныўы тараўында үнемлеўге ерисиў, аўыл хожалығында суў тәмийнатын жақсылаў, халықтың таза ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежесин арттырыў сыяқлы көплеген мақсетлер нәзерде тутылған.
Пәрман жойбарына нәзер таслаған адам онда миллий қәдириятларымызға үнлесликти көриўи мүмкин. Есимизди танып, ата-бабаларымыздан нәл егиў, қоршаған орталыққа ҳәм жанзатларға зыян жеткермеў, ысырапгершиликке жол қоймаў, суўды патасламаў, мәҳәлледеги кексе ҳәм наўқаслардың ҳалынан хабар алыў сыяқлы ийгиликли қәдириятларға әмел етиў ҳаққында еситип келемиз. Перзентлеримизге де усыларды үйретиўге ҳәрекет етемиз.
Жәмийетлик додалаў ушын жәрияланған мәмлекетлик бағдарлама жойбарында да усы қәдириятлар үстин болған көплеген мақсетлерди көриўимиз мүмкин. Атап айтқанда, бағдарламаның қоршаған орталықты сақлаў бағдарында орынларда пияда ҳәм велосипедте сейил ететуғын "Саялы сейил көшелери" тармағын жаратыў, "Бир миллион жасыл шаңарақ" ҳәрекети арқалы жүриў ҳәм жуўырыў, "жасыл" транспортта ҳәрекетлениў, азық-аўқат зая болыўының алдын алыў, энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды үгит-нә Онда "жасыл пуқара," "жасыл шаңарақ," "жасыл мәҳәлле" талаплары белгиленеди ҳәм ҳәр бири ушын өз алдына қоллап-қуўатлаў илажы қолланылады.
Сондай-ақ, "Жасыл исбилермен" платформасы иске қосылады ҳәм бундай исбилерменлерге ашық-айдын қурылыс системасында үстинлик бериў, халықаралық базарға шығыў ушын қоллап-қуўатлаў сыяқлы жәрдем көрсетиледи.
Айрықша итибарды тартқан және бир тәрепи сонда, 200 миллион нәл егиў, жасыл бағлардың санын 257 ден 701 ге, Аралбойы регионындағы тоғайларды 2,1 миллион гектарға жеткериў, Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Жиззақ ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары аймағында шор ҳәм суўға шыдамлы өсимликлер бағын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Бул мақсетлерге, әлбетте, аңсатлық пенен ерисилмейди. Үлкен қаржы, жумысшы күш ҳәм халқымыздың тилеклеслиги, үлкен күш-ғайрат зәрүр. Журт өзимиздики болса, оның гүллеп-жаснаўы, раўажланыўы, бәринен бурын, өзимиздиң абаданлығымыз ушын керек. Келешек әўладлар ушын абат журт ҳәм гөззал турмыс жаратыў жуўапкершилиги бүгин бәршемизди бирдей жанкүйерликке шақырыўы керек. Мәмлекет бас реформашы екен режелестирилип атырған ҳәм әмелге асырылып атырған реформалардың орынланыўында да өз усынысларымыз, үлесимиз бенен белсене қатнасыўымыз зәрүр ҳәм шәрт.
Мәмлекетлик бағдарлама жойбарынан орын алған Өзбекстан Республикасы аймағында 3 жыл мүддетке аўлаўға мораторий енгизиў ҳәм 14 аймақта қараўсыз ҳайўанлар питомниклерин шөлкемлестириў мақсетлери де жоқарыда айтқан әзелий қәдириятларымыздың бир көриниси, әлбетте.
Бүгин дүньяда ықлым өзгерислери, тәбийий ҳәдийселердиң көбейиўи нәтийжесинде түрли кеселликлер, суўсызлық, ҳаўаның патасланыўы сыяқлы машқалалардың пайда болғаны инсаниятты айрықша тәшўишке салмақта. Бул бағдарда да елимизде атмосфера тазалығын тәмийинлеў, халықтың саламатлығын қорғаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Тек ғана шығындылар арқалы жүзеге келип атырған машқалаларды сапластырыўға қаратылған жаңа жойбарларды шөлкемлестириўге үлкен итибар қаратылмақта. Буны шығындыларды қайта ислеў системасын раўажландырыў бағдарындағы жумыслар мысалында да көриў мүмкин.
Мәмлекетлик бағдарлама жойбарынан орын алған 2026-жылдан баслап ишимликлердиң пластикалық қадақлаўларында реңли пластиктен пайдаланыў, 2027-жылдан баслап пластикалық пакетлер ислеп шығарыў, алып кириў ҳәм пайдаланыўды қадаған етиў ўазыйпасы да итибарға ылайық.
Халқымыз перзентлеримизди ҳәр тәреплеме билимли, руўхый ҳәм физикалық жақтан бәркамал әўлад етип тәрбиялаўға үлкен итибар қаратып келеди. Билим алыўдың абзаллықлары ҳаққында қаншадан-қанша нақыл-мақал, ҳикметлер де бар. "Билеги күшли бирди жығар, билими күшли мыңды", "Билим бахыт келтиреди" сыяқлы нақыл-мақаллар бәршемиздиң сүренимизге айланып үлгерген.
Журтласларымыз итибарына усынылған мәмлекетлик бағдарлама жойбарында билимлендириў мәселесине оғада үлкен орын берилген. Анығырақ етип айтқанда, бағдарлама әйне билимлендириў тараўындағы реформаларға қаратылған мақсетлер менен басланған.
Демек, жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланған мәмлекетлик бағдарлама жойбарын миллий қәдириятларға тийкарланған, деп тәрийплеўге толық тийкарымыз бар. Енди сиз ҳәм бизге жойбар менен толық танысып, және де халықшыл ҳәм жетик болыўы ушын оны өзимиздиң усыныс ҳәм пикирлеримиз бенен қоллап-қуўатлаў ўазыйпасы қалмақта. Өз елин ҳәм халқының келешеги ушын итибарсыз болмаған ҳәр бир ўатанласымыз бул процессте белсене қатнасатуғынына исенемен.
Азамат ПАРДАЕВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты