Мәҳәлле банкирлери жумыс баслады

    Жылдың басын әдеттегиден де қызғын басладық. Жаңа реформалар, жаңа басламалар күтип турмастан, дәрҳал иске қосылмақта. Ҳәзирги күнлерде болса елимиздиң барлық аймақларында мәҳәлле банкирлериниң жумысы жолға қойылмақта. Енди ҳәр бир мәҳәллениң өз банкири болады ҳәм халықтың бизнес жойбарларын әмелге асырыўға жәрдемлеседи.

    Бул баслама өткен жылы 16-декабрьде өткерилген мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қоллап-қуўатланған еди. Усы тийкарда усы жылдың 1-февралына шекем ҳәр бир аймақта мәҳәлле банкириниң штаты шөлкемлестирилип, мәҳәллелерге бириктирилиўи керек. Бул жумысты район ҳәкимлери ҳәм коммерциялық банклер биргеликте орынлаўы нәзерде тутылған. Мәҳәлле банкир штаты районлардағы банклер тәрепинен шөлкемлестириледи. Ҳәкимликлер болса ислеп шығылған жойбарларды әмелге асырыў ушын орын ҳәм инфраструктура менен тәмийинлейди.

    Елимизде бириншилерден болып Ташкент ўәлаятында мәҳәлле банкирлери жумыс баслады. Ўәлаяттағы коммерциялық банклер тәрепинен 264 мәҳәлле банкириниң штаты ашылып, барлығы толтырылған. Штатлар банклердиң район ҳәм қалаларға бириктирилиўи ҳәм де мәҳәллелердиң жайласыўына қарап бөлистирилген. Гәп сонда, Ташкент ўәлаятындағы 22 қала ҳәм районда 3 миллионнан аслам адам жасайды, мәҳәллелер саны болса 1025 ти қурайды. Аймақлардың географиялық жайласыўы, адамның саны ҳәм район категориясынан келип шығып 3-4 мәҳәллеге бир мәҳәлле банкири бириктирилди.

    - Мәҳәлле банкириниң штатына тийкарынан көп жыллық жумыс тәжирийбесине ийе, халық ҳәм исбилерменлерге бизнес жүргизиўде жәрдем бере алатуғын қәнигелер таңлап алынды, - дейди Орайлық банктиң Ташкент ўәлаяты бас басқармасының бөлим баслығы Эрали Абдувалиев. - Олар көбирек банк тараўы хызметкерлеринен ибарат. Өзиниң аты менен мәҳәлле банкири делинбекте ҳәм усы система хызметкерлери кредит алыў, қаржыны дурыс бағдарлаў сыяқлы экономикалық мәселелерди жақсырақ түсинеди. Мәҳәлле банкириниң штатларын шөлкемлестириў ҳәм тийисли тәртипте айлық мийнет ҳақысын төлеў әйне коммерциялық банклерге жүклеп қойылғанының себеби де сонда. Бул мәселеде Ташкент ўәлаятындағы мәҳәллелер менен 9 мәмлекетлик банк ҳәм филиаллары ислемекте. Жаңа система шеңберинде ҳәкимликлер ҳәм банклер өз-ара биргеликте мәҳәлле дәрежесинде ислеўи керек. Усы жылы Ташкент ўәлаятында 350 мыңнан аслам адамды банклер арқалы бәнт етиў режелестирилген. Усы мақсетте 22 район ҳәм қала ҳәкимликлери және банклер арасында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, дәраматын арттырыў бойынша бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойылды. Процесстиң дәслепки күнлеринен-ақ ҳәкимликлер ўәкиллериниң қатнасыўында исбилерменлер менен ушырасыў өткерип, олардың жумысына тосқынлық етип атырған машқалалардың шешимин излеў, халықты турақлы жумыс пенен тәмийинлеў илажларын көриўге кирискенбиз. Халық пенен шаңарақбай ислесиўде болса мәҳәлле банкирлери тийкарғы жәрдемши болып хызмет етеди.

    Тәртип қандай?

    Ҳәзир көпшилик бир ўақытлары банкке барыў ушын қәўетерленип жүргенин, бир хызметинен пайдаланыў ушын қатнай берип сергиздан болған, кредит алыў болса мың азапқа айланғанын еслей алмаса керек. Себеби, система бираз реформаланып, хызметлер санластырылғаннан соң, адамлардың олардан пайдаланыўы да қолайласты. Коммерциялық банклер шын мәнисинде адамлар ушын хызмет ете баслады. Олардың енди мәҳәллелерге шекем кирип барып атырғаны да киши ўақыя емес.

    Көз алдыңызға келтириң, қандай да бир жойбарды әмелге асырыў ушын кредит алмақшы болсаңыз, банкке барыўыңыздың кереги жоқ, мәҳәлле банкирине мүрәжат етиўдиң өзи жеткиликли. Ҳәтте жойбар ҳаққында ойламасаңыз да олар үйиңизге кирип, усыныс береди. Себеби, мәҳәлле банкири өзине бириктирилген мәҳәлледеги ҳәр бир шаңарақ пенен өз алдына ислейди. Қалаберди, ол мәҳәлледеги исбилерменлик имканиятын үйренеди, халық ҳәм киши бизнес ўәкиллери менен сөйлесип, олардың идеясын жойбарға айландырыў арқалы жаңа жумыс орынларын ашыў илажын көреди. Адамларға кредит алыў, қайтарыў, бизнесин жолға қойыў, өнимин сатыўға үйретеди ҳәм жәрдемлеседи.

    Бул ўазыйпалардың барлығы бир мәҳәлле банкири жуўапкершилигинде емес. Оған жәрдемлесетуғын "жәрдемши агент" де болады. Ол мәҳәлледеги ҳәр бир шаңарақты жақсы билетуғын, халық арасында банк хызметлерин ғалаба ен жайдырыў, финанслық саўатлылылықты арттырыў, халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин банк хызметлерине қызықтырыў арқалы исбилерменлик жумысын баслаў ҳәм кеңейтиў бойынша мәҳәлле банкирине жәрдемлесетуғын физикалық шахс болып табылады.

    Ҳәзирги ўақытта барлық аймақта "жәрдемши агентлер" таңлап алынып атыр. Жуўапкерлердиң айтыўынша, Ташкент ўәлаятындағы 1025 мәҳәллениң ҳәр биринде усындай жәрдемши болады. Ол да тийисли коммерциялық банклер менен шәртнама тийкарында жумыс алып барады.

    Мақсет анық қойылған

    Ташкент ўәлаяты Зангиата районының Бағзар, Токзор ҳәм Чорбоғ мәҳәллелерине бириктирилген мәҳәлле банкири Шавкат Сувонов жумысты аймақларды үйренип, белгиленген көрсеткишлер бойынша кәмбағал шаңарақлардың дизимин қәлиплестириўден баслады. Өзи 10 жылдан аслам ўақыт даўамында Зангиата районындағы коммерциялық банклерде жумыс алып барған. Қәниге "Туронбанк" АКБ Зангиата районы филиалы тәрепинен билдирилген усынысқа қарсы болмады ҳәм усы жерде мәҳәлле банкири бөлим баслығы лаўазымында жумыс баслады. Оған алдынғы жумысынан кем болмаған муғдарда айлық мийнет ҳақысы тайынланған. - Банкимизге Зангиата районындағы 36 мәҳәлле бириктирилген. Жумысты 12 мәҳәлле банкири ҳәм 36 "жәрдемши агент" штатын толтырыўдан басладық, - дейди Ш.Сувонов. - Ҳәр биримиз өзимиз жуўапкер болған мәҳәллени айланып, үйлерди бирме-бир үйренип атырмыз. Адамлардың мүтәжлиги, талабы, имканиятларын анықлап алып атырмыз. Усы тийкарда жумыслар шөлкемлестириледи. Себеби, алдымызда жумыс орынларын ашып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў ўазыйпасы тур. Дәслеп ҳәр шеректе ҳәр бир мәҳәлледен 10 шаңарақ таңлап алынып, сол шаңарақтың жыллық дәраматын орташа 60-70 миллион сумға жеткериў режесин дүзип алдық.

    Ҳәзирги ўақытта Ташкент ўәлаятында кәмбағаллық дәрежеси 7,2 процентти қурамақта. Бул өткен жылы 16 мыңнан аслам шаңарақтың жасаў шараяты жақсыланып, кәмбағаллықтан шығарылыўы есабынан кәмбағаллық дәрежеси 3 процентке азайғанынан қалған көрсеткиш. Усы жылы бул көрсеткишти 4 процентке түсириў мақсет етилген.

    Мәмлекетимиздиң ҳәр бир мүйешинде мине усындай мақсетлерге бағдарланған жумыслар орынланбақта. Жойбарлардың қаржы дәреклери де жаратып берилмекте. Атап айтқанда, усы жылдың басынан-ақ мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы менен елимиздеги коммерциялық банклерге "Мәҳәлле жойбары" бағдарламасы шеңберинде 1 миллиард долларлық кредит ажыратылды. Қалаберсе, киши бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша банклер тәрепинен 300 миллион сум муғдарында шәртсиз кредит бериў басланады.

    Бул қаржыны дурыс ҳәм тәртипли бағдарлаў да әҳмийетли. Халықты кредит алыўдан алдын оннан нәтийжели пайдаланыў жолларын үйретиў, анық жойбарлар ислеп шығыўға жәрдемлесиў зәрүр. Бул бағдарда мәҳәлле банкирлери жақын жәрдемшиге айланыўы нәзерде тутылған. Бул система халықты нәтийжели қоллап-қуўатлаў ҳәм мәҳәллелерде экономикалық белсендиликти арттырыўдың жаңа басқышын баслап береди.

    Ирода ТОШМАТОВА,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы