Жаслар бирлессе, оларды жеңе алатуғын күш жоқ

    24 қаңтар 2025 52

    Өзбектан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасындағы мәдений мәкемелердиң жумысларын комплексли раўажландырыў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында әмелге асырылған жумысларды кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде тараў пидайылары, қәнигелери ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында республикамызда пресс-тур өткерилмекте.

    Илаж Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Өзбекстан Республикасы Мәденият министри Озодбек Назарбековтың көркем өнер тараўы бойынша билим алып атырған студент ҳәм оқыўшы-жаслар, талантлы жаслар, мәмлекетлик сыйлық ийелери ҳәм степендиантлар, халықаралық таңлаўлардың жеңимпазлары менен ушырасыўдан басланды.

    Атап өтилгениндей, соңғы жети жылда Қарақалпақстан Республикасында бир қатар жаңа мәденият ҳәм көркем өнер дәргайлары бой тикледи.

    Атап айтқанда, Мойнақ, Хожели, Елликқала, Шымбай районларында 150 орынлық балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери ҳәм Нөкис қаласында Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернаты жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

    Мойнақ, Бозатаў, Шымбай, Қоңырат районларында амфитеатр имараты, инвестициялық бағдарлама тийкарында Республика көзи әззилер китапханасы жаңадан қурылды.

    Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театры да жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

    Соның менен бирге, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекет музыкалы театрына “Академиялық театр” статусы берилди.

    Мәденият объектлерин қурыў, реконструкциялаў, оңлаў, қайта тиклеў мақсетинде, 2017-2024-жылларда 15 мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери жаңадан қурылды, 10 мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери реконструкцияланды ҳәм 18 мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери ири оңлаўдан шығарылып, заманагөй үскенелер менен тәмийинленди.

    Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында жәми 99 мәденият мәкемеси болып, соннан, 3 мәмлекетлик ҳәм 1 жеке меншик театрлар, 5 концерт шөлкемлери, 60 мәденият орайы, 3 қәнигелестирилген мәденият ҳәм көркем өнер мектеби ҳәм мектеп интернаты, 24 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, 2 жоқары билимлендириў мәкемелери, 1 республикалық көзи әззилер китапханасы және оның 9 филиалы жумыс ислеп турыпты.

    Ушырасыў даўамында министр жаслар қашан жәмийетимиздиң раўажланыўы ушын бирлесип бел байласа, оларды жеңе алатуғын күш жоқ екенин атап өтип, жаратылған шараятлардан утымлы пайдаланып, елимиз ушын зәрүр кадр, кәмил инсан болып жетилисиўи кереклигин атап өтип, баҳалы мәсләҳәтлерин берди.

    Өз гезегинде жаслардың да пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

    Пресс-тур Кегейли, Хожели районларында ҳәм Нөкис қаласындағы қурылыс, объектлеринде даўам етип, илаж қатнасыўшылары дәслеп Кегейли районындағы 31-санлы «Халқабад» Мәденият орайы имараты менен танысты.

    Президентимиздиң басшылығында 2023-жыл 22-декабрь күни Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде ҳәр бир районда сахна залы, китапхана, кинозал ҳәм дөгерек ханалары болған биреўден үлги мәденият орайының жумысы жолға қойылатуғыны ҳаққында тапсырма берилген еди.

    Тапсырмаға тийкарланып, 1963-жылы қурылған “Халқабад” мәденият орайының ески имараты бузылып, 2 миллиард 700 миллион сум қаржы есабынан реконструкция жумыслары алып барылды ҳәм жаңадан қурылып, 2024-жылы қайта пайдаланыўға тапсырылды.

    “Халқабад” мәденият орайы 168 орынға мөлшерленген болып, 5 дөгерек жумыс алып бармақта. Оларға 60 қа шамалас аймақ жаслары қамтып алынған.

    Мийманлар сапар даўамында Мәденият орайы имаратында жаратылған шараятлар менен танысты ҳәм орайда Кегейли районының халқына концерт бағдарламасы қойып берилди.

    Мағлыўмат орнында, халықтың бос ўақытын мазмунли өткериўде Өзбекстан Республикасы бойлап, 837 (Қарақалпақстан Республикасында 60 мәденият орайлары әмелдеги) мәденият орайлары жумыс алып бармақта. Оларда 4 мыңға шамалас дөгереклер жумыс ислеп турыпты ҳәм оларға 48 мыңнан аслам жаслар қамтып алынған.

    Пресс-турдың гезектеги мәнзили Хожели районындағы 4-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби болды.

    Хожели районындағы бул мектеп 1957-жылы шөлкемлестирилген болып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң жумысларын және де жетилистириў бойынша 2016-2020-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2019-жылда 4 млрд. 950 млн. сум қаржы есабынан реконструкцияланған.

    Мектептиң улыўма қуўатлылығы 150 орынға мөлшерленген болып, ҳәзирги ўақытта 180 нен аслам оқыўшы оқып атыр. Соның менен бирге, мектептиң 150 орынлық концерт залы, китапханасы ҳәм 25 оқыў бөлмеси болып, мектеп китапханасында 470 тен аслам музыкалық әдебиятлар ҳәм ноталар фонды жыйналған.

    Ҳәзирги күнде мектепте 32 педагог хызметкерлер хызмет көрсетип атыр.

    Мектепте оқыўшылар 2024-2025-оқыў жылында 8 бағдар (фортепиано, тарлы асбап, халық саз асбаплары, бақсы-жыраў, эстрада, хореография, сүўретлеў көркем өнери, театр көркем өнери) бойынша тәлим-тәрбия алмақта.

    Жетискенликлерин атап өтетуғын болсақ, мектеп оқыўшылары арасында 2022-жылы Еркинай Орынбаева ҳәм 2023-жылы Гүлшынар Қудайбергенова Зульфия атындағы Мәмлекет сыйлық ийеси болды. Сондай-ақ, мектеп оқыўшылары бир қанша таңлаў ҳәм фестивальларда белсене қатнасып жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте.

    Соң, Өзбекстан Республикасы Мәденият министри О.Назарбековтың басшылығындағы зиялылар топары ҳәм қәнигелери Нөкис қаласындағы Өзбекстан мәмлекет консерваториясы Нөкис филиалы жаңа имаратының қурылыс жумыслары менен танысты.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрьдеги “2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық 2024-жылы Өзбекстан мәмлекет консерваториясының Нөкис филиалы ушын 300 орынлық оқыў имаратын қурыў ҳәм ири оңлаў ушын 27 млрд. сумлық қаржы ажыратылған болып, ҳәзирги күнде оңлаў жумыслары алып барылмақта. Бул объектти пайдаланыўға тапсырыў мүддети 2025-жылдың екинши ярым жыллығы етип белгиленген.

    Қурылыстың барысы менен танысыў барысында объекттти пайдаланыўға тапсырыў, үскенелеў ҳәм безеў мәселелери, қурылыс жумысларын сапалы әмелге асырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

    Жаслар орайында мәденият министринин баспасөз хаткери-мәлимлеме сиясаты бойынша мәсләҳәшиси Сирожиддин Ўсаровтың қатнасыўында пресс-тур бойынша брифинг болып өтти.

    Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

    Ә.Жийемуратов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    February 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    Use cursor keys to navigate calendar dates