Әскерий хызметти өтеў менен байланыслы қатнасықлар тәртипке салынады

    24 қаңтар 2025 1400

    Қарар (ПҚ-21-санлы, 23.01.2025-ж.) менен Президенттиң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

    Оған бола, Президенттиң айырым қарарларына әскерий хызметти (хызметти) өтеў менен байланыслы шеклеўлерди орнатыўды нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

    Атап айтқанда:

    Ишки ислер уйымларында хызметти өтеў тәртиби ҳаққындағы режеге киргизилген қосымшаға бола:

    - Ишки ислер уйымлары хызметине кириў тилегин билдирген пуқара "Ишки ислер уйымлары ҳаққында"ғы Нызамында белгиленген ишки ислер уйымларында хызметти өтеўге байланыслы шеклеўлер менен жазба түрде таныстырылады.
    - Бул шеклеўлерге разы болған ҳәм министрликтиң арнаўлы талапларына жуўап беретуғын талабанлар ишки ислер уйымлары хызметине қабыл етиледи.

    Сондай-ақ, мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларында хызметти өтеў ҳаққындағы режеге киргизилген қосымшаға бола:

    - Бажыхана уйымларында хызметти өтеў менен байланыслы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген шеклеўлерге әмел етиўден бас тартқан ямаса арнаўлы талапларға жуўап бермейтуғын пуқаралар хызметке қабыл етилиўи мүмкин емеслиги белгиленди.

    Буннан тысқары, пуқараларының әскерий хызметти өтеў тәртиби ҳаққындағы режесине киргизилген қосымшаға бола:

    - Контракт бойынша әскерий хызметке кириў тилегин билдирген пуқара "Улыўма әскерий миннетлеме ҳәм әскерий хызмет ҳаққында"ғы Нызамында ҳәм әскерий хызмет шәртлеринде нәзерде тутылған әскерий хызметти өтеў менен байланыслы шеклеўлер ҳәм арнаўлы талаплар менен жазба түрде таныстырылады.
    - Бул шеклеўлер менен контракт дүзиўге разы болған ҳәм министрликлердиң арнаўлы талапларына жуўап беретуғын талабанлар контракт бойынша әскерий хызметке қабыл етиледи.

    No date selected
    February 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    Use cursor keys to navigate calendar dates