“Гүлши апа”ның мектеплери шөлкемлестирилетуғын болды

    Алдын хабар берилгениндей, Қарақалпақстан Республикасында көтериңки рухта даўам етип атырған «Исбилермен ҳаял-қызлар ҳәптелиги» шеңберинде Өзбекстанға хызмет көрсеткен исбилермен, “Гүлши апа” кластериниң баслығы Шарофат Нориеваның гүл жетистириў, қулпынай, замаррық өсириў усыллары бойынша мастер-класс өткерилди.

    Илаж шеңберинде бир күн ишинде Ш.Нориева тәрепинен Нөкис қаласындағы Бозаўыл МПЖда жасаўшы “Темир дәптер”деги еки ҳаялға ыссыхана қурып берилди ҳәм гүл нәллери, замаррық, қулпынай нәллери тапсырылып, оларды егиў усыллары үйретилди.

    Ҳәптелик шеңберинде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Ш.Нориева биргеликте Қарақалпақстан Республикасының барлық аймақларында гүлши апаның арнаўлы мектеплерин шөлкемлестириў келисип алынды.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.