Гезектеги көшпели қабыллаў Нөкис қаласында өткерилди

    Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм оның шешимин табыў бойынша республикалық жумысшы топар дүзилип, бул бағдарда орынларда көшпели қабыллаўларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди.

    Усы жылдың 21-24-январь күнлери аралығында республикамыздың барлық орынларында, атап айтқанда Беруний, Қанлыкөл, Шымбай районларында жумысшы топар тәрепинен көшпели қабыллаўлар өткерилди. Бүгин Нөкис қаласындағы «Моно орай»да Нөкис қаласы, Нөкис ҳәм Тақыятас районларының пуқаралары ушын республикалық сектор ҳәм министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары тәрепинен мүрәжатлерге, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бойынша гезектеги көшпели қабыллаў өткерилди.

    Онда Өзбекстан Республикасы Жоқары суды, Бас прокуратурасы, Ишки ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги, Орайлық банк, Бажыхана басқармасы, Салық комитети, Кадастр агентлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў, Социаллық қорғаў ҳәм басқа да мәкемелердиң басшылары қатнасты. Өткерилген қабыллаўда суд-ҳуқық системасына байланыслы мүрәжатлер, медициналық жәрдемлер көрсетиў, социаллық қоллап-қуўатлаў, билимлендириў, бәнтлик, мәҳәллелердеги инфраструктура, банк кредитлери, қурылыс жумыслары ҳәм басқа да бир қатар мәселелер бойынша мүрәжатлер билдирилди.

    «Бүгинги көшпели қабыллаўга келип мүрәжат еттим. Мүрәжатым бәнтлик, яғный жумыссызлық бойынша еди. Өмирлик жолдасым да жумыссыз. 3 перзенттиң анасыман. Маған өз қәнигелим бойынша жумыс таўып бериўин сорап жуўапкерлерге айттым. Мүрәжатым өз орнында унамлы шешилиўине исенемен» – дейди Нөкис қаласы турғыны А.Кайпова.

    Машқалалардың көпшилиги сол жерде шешилген болса, шешими белгили ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлер тийисли жуўапкерлерге бекитилди.

    Азизбек Дабылов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

    (автордың түсирген сүўретлери).