Дем алыс күнлери ҳаўа температурасы салыстырмалы ыссы болады

    24 қаңтар 2025 479

    "Өзгидромет" агентлиги дем алыс күнлери бақланатуғын ҳаўа-райы мағлыўматларын жәриялады.

    Атап өтилиўинше, бүгин республика бойынша жаўын-шашын күтилмейди, күндиз ҳаўа температурасы 3-8 дәреже жыллы, қубла аймақларда айырым жерлерде 10-12 дәреже жыллы болады. Самалдың тезлиги айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди.

    Дем алыс күнлери республикамыздан суўық ҳаўа массалары шегинип кете баслайды. Республика бойлап ҳаўа температурасының көтерилиўи фонында қуяшлы ҳаўа райы болыўы күтилмекте. Ертең түнде ҳаўа температурасы 2-7 градус суўық аралығында сақланып, күндиз 7-12 градус ыссыға шекем көтериле баслайды, екшемби күни болса түнде ҳаўа температурасы 2 градус суўық-3 градус ыссыға шекем, күндиз 9-14 градус ыссыға шекем көтериледи.

    24-25-январьда айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с ға шекем болады.

    Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшкиси қәўпи бар.

    Пайтахтымызда: Бүгин жаўын-шашын болмайды, ҳаўа температурасы 5-7 дәрежеге шекем көтериледи. Дем алыс күнлери жаўын-шашын болмайды, самал 3-8 м/с тезликте еседи. Ертең түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин, ҳаўа температурасы түнде 3-5 градус суўық, күндиз 8-10 градус ыссы болады. Екшемби күни түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин, ҳаўа температурасы түнде 0-2 дәреже ыссыға шекем, күндиз 11-13 дәреже ыссыға шекем көтериледи.

    No date selected
    February 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    Use cursor keys to navigate calendar dates