Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары жуўмақланды

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары шеңбериндеги илажлар жуўмақланды.

    Өзбекстан жетекшиси Әмирликлер пайтахты Абу-Даби қаласында БАӘ Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён менен нәтийжели сөйлесиўлер және усы мәмлекеттиң жетекши мәмлекетлик шөлкемлери, компания ҳәм банклериниң басшылары менен ушырасыўлар өткерди.

    Сөйлесиўлер жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлер топламы, соның ишинде, Стратегиялық шериклик орнатыў ҳаққында декларация қабыл етилди.

    Мәмлекетимиз басшысы "Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги" халықаралық саммитиниң ашылыўы ҳәм турақлы раўажланыў тараўындағы Шайх Зоид атындағы сыйлықты тапсырыў мәресиминде қатнасты, саммиттиң жалпы мәжилисинде бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды.

    Бүгин Дубай қаласында Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай Әмири Шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум менен сөйлесиўлер болып өтти.

    Сапардың жуўмағында Дубай халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Дубай пуқаралық авиациясы басқармасының президенти, "Emirates" компаниялар топарының баслығы ҳәм бас директоры Шайх Аҳмад бин Саид Ол Мактум ҳәм БАӘ ҳүкимет ислери бойынша министри Муҳаммад бин Абдулла ал-Гаргавий шығарып салды.

    Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти.

    No date selected
    February 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    Use cursor keys to navigate calendar dates