Бүгин дүньялық өзгерислердиң жеделлиги сондай тезлести, жер жүзинде турмыс шырағын сақлап қалыўға байланыслы ҳәрекетлер менен бирге, тилекке қарсы, тыныш-татыў жасаў умтылысына қарсы, инсаныйлық мәплеринен узақты қарарлар да тарийх жылнамасына кирмекте. Сатыўшы базарға алып шыққан өнимин жаман демегениндей, ҳәр бир келиспеўшилик етиўши тәреп тек өз көзқарасын, өзи таңлған жолды туўры деп биледи.
Мәмлекетимиз басшысы алып барып атырған ишки ҳәм сыртқы сиясатта, миллий раўажланыўдың анық жоллары белгилеп берилген ҳәрекетлер стратегиясында инсан факторына итибар бирлемши ўазыйпа сыпатында жүзеге шықты, яғный ҳәр бир инсан өзиниң өмиринен бүгин өзинде, усы өмиринде разы болып жасаўы, тыныш, татыў турмыс кешириўи, перзентлериниң жетилисиўин көриўи, дүньяға шығыўы ҳәм оны аңлаўы керек. Жәмийет турмысына байланыслы нызам-қағыйдалар ойлап табылғаннан берли адамлар нызам талаплары ҳәмме ушын тең болыўын қәлейди. Себеби тек усы теңлик бир неше мың жыллық арзыў болған социаллық әдиллик принципине тийкар бола алады. Бундай тийкар жәмийеттиң руўхий-әдеп-икрамлылық көриниси менен бирге келешегин де белгилейди.
Бир көзқарастан қыйын ўазыйпа емес - бир жерде, бир жер жүзинде, бир аспан астында жасаймыз. Бир-биримизден узақ та емеспиз. Демек, бир-биримизди түсинип, қол берип, кеўилли болып, аўызбиршиликли жасаўымыз ушын тийкар бар. Бүгин дүньяда жүзеге келген экономикалық, руўхый, экологиялық ҳәм басқа да машқалалар тек бир миллет ямаса бир мәмлекетке емес, пүткил инсаниятқа, жер жүзине теңдей тийисли. Антарктикадағы неше миллион жыллық муз ериў ақыбетлери тек усы континентке емес, ал қуяш ыссылығынан дем алып атырған Африка ҳәм Азияға да унамсыз тәсир көрсетпекте. Бул мәмлекетлердеги кеселлик, азық-аўқат жетиспеўшилиги, жумыссызлық, қураллы келиспеўшиликлер, басқыншылық ҳәрекетлери кейинги сегиз жылда тыныш, абадан жасап киятырған Европаның тынышлығын бузып атырғаны - бүгинги социаллық реаллық. Жаратқанның материаллық ҳәм руўхый мәрҳаматы - жер асты ҳәм үсти байлықлары, жер, суў, ҳаўа тек бир мәмлекеттиң, бир миллеттиң емес, барлық инсан нәсилиниң, соның ишинде, келешек әўладлардың да несийбеси.
Азизиддин Насафий камал инсан ҳаққындағы китабында: "Дүнья ҳеш қашан узақ ўақыт бир ҳалатта турып қалмайды - гейде теңиз толқыны сыяқлы бийикликке көтериледи, гейде төменлейди, ҳалаттан екинши ҳалатқа өтеди", деп жазады. Биз бүгин әйне усы жағдайдың гүўасы болып турмыз. Дүнья шынында да тынышсыз толқын сыяқлы қәҳәрленип, күтилмеген түрде ҳүжим етпекте. Азапкеш жер силкиниўден тоқтамай атыр. Өртлер күшейип атыр. Сирия - тынышсыз, дүньяның гөззал маликасы болған Дамаск - ўайран, палестиналы жәбирлениўшилердиң жылаўы аспанға көтериледи. Мәлимлеме агентликлериниң хабарына бола, дүньядағы келиспеўшиликлер себепли ҳәр күни неше жүзлеген әскер - кимниңдир баласы, кимниңдир әкеси, өмирлик жолдасы қайтыс болмақта. Тыныш халық арасындағы қурбанлар, үй-жайсыз қалып, қашқынға айланып атырғанлар, дерексиз балалар есапқа алынбай атыр. Тилекке қарсы, айырым сиясатшылар екинши тәреп көбирек қурбан берип атырғанын әскерий жетискенлик сыпатында көрсетпекте. Ҳәр күни неше жүзлеген, урыс басланғанынан берли неше жүз мың шаңарақ бағыўшысыз қалып атырғанын ким биледи?
Инсан қашан биринши рет қолына қурал (таяқ) алған, бундай етиўге оны не, қандай жағдай мәжбүр еткен? Бул сораўға жуўап бериў қыйын емес. Тири жан бар, өзин қандай да бир қәўип-қәтерден қорғаў инстинкти менен жасайды. Сырттан қәўип бар болса, солай етеди. Қорғаныў қуралларын таярлайды, олардан пайдаланыўды, кимди, нени қәтесиз нишанға алыўды үйренеди, балаларына да үйретеди. Бирақ сол сыртқы қәўипти ким пайда етеди, ким биринши болып ҳүжим етеди, ким қорғаныўға мәжбүр, кимниң үйи жанады, кимниң перзентлери набыт болады - инсанның! Басқа ҳеш кимнин емес. Солай екен, неше мың жыллар даўамында ақыллы адамлардың санасына нағыс салынған еки ҳақыйқаттан не ушын бас тартыў керек?
Бириншиси, қурал-жарақ ҳеш қашан тынышлыққа хызмет етпейди, оқ, снаряд, бомба ямаса ракетаның ўазыйпасы жаратыў, жаратыў емес, өлтириў, жаныў, ўайран етиў.
Екиншиси, ҳәр қандай урыс кимниңдир жеңиси менен тамамланбайды, урыста еки тәреп жеңиледи.
Шыңғыс Айтматовтың "Ана жер" повести қаҳарманы, урыс себепли төрт улынан айырылған Толғанайдың Жерге берген сораўын еслейсиз бе? Адамлар (бир қәўим, бир-бирине тамыры жақын инсанлар) не ушын урысады, биреўи екиншисиниң үйин бузады, балаларын өлтиреди? Суў, жер, ҳаўа, тәбийий байлықлар ҳәммеге жетерли болады ғой, адамзат буларды не ушын таласады?
"Тарийхтың немқурайдылығы сонда, - деген еди Шыңғыс аға бир сөйлесиўлериниң биринде, - адамзат тарийхында жүз берген қаншадан-қанша қырғынлы урыслардың миллион-миллион қурбаны, қырғынлардың бийгүна жәбирлери умытылып кетеди... Ҳәр қандай урыс, бәринен бурын, тыныш халықтың басына шексиз апатшылық, азаплар алып келеди. Урыстың келип шығыўына улыўма байланысы болмаған айыпсыз адамлардың, нәрестелердиң дастығы қурыйды. Тилекке қарсы, бул қурбанлар улыўма бир тәризде ғана еске алынады. Гитлер, Наполеон, Македонский ҳәм усындай үлкен-киши басып алыўшылар болса тарийхта қалады. Не ушын сондай? Не ушын биз сол қурбанлардың ҳәр бири ушын қайғырмаймыз? Олардың арасында ўатан, миллет тәғдирин шешиўге уқыплы уллы талантлар, уллы сәркардалар да болыўы мүмкинлиги ҳаққында ойламаймыз. Бул ҳеш мүмкин емес. Урыстың ең үлкен қорқынышы сонда".
Рәсмий статистика бойынша, бүгин мәмлекетлердиң бир жыллық улыўма әскерий қәрежети 2,44 триллион долларға жеткен. Бир жылда сонша! Еки жылда дерлик 5 триллион! Бул қаржының күши ҳәм көлемин көз алдымызға келтириў қыйын. Қәнигелер оның тек ғана бестен бир бөлеги менен дүнья көлеминде бар болған барлық кеселликлерди, қәўипли вирусларды жоқ етиў, саўатсызлықты сапластырыў, азық-аўқат жетиспеўшилигин сапластырыў, таза ишимлик суў машқаласын шешиў, экологияны жақсылаў, ҳайўанатлар дүньясын толық сақлап қалыў, инсан турмысын ҳәр тәреплеме мазмунлы етиў мүмкин екенлигин айтады. Буның ушын тек улыўма мақсет, күшли ерк-ықрар, бирлик, аўызбиршилик, жақсы қоңсышылық керек.
Өзбекстан мәмлекетлер арасында жүзеге келген, келип атырған айрықша қыйын жағдайларды тыныш жол менен шешиў, жәбир көргенлердиң ҳуқықларын қорғаў, XXI әсирдиң шермендели адам өлтириўлерине шек қойыў тәрепдары. Мәмлекетимиз басшысы 2024-жыл 11-ноябрь күни гезексиз болып өткен Араб-Ислам биргеликтеги саммитинде қатнасып, тынышлық, татыўлыққа байланыслы бир неше басламаларды алға қойды. Президентимиз Өзбекстан бул аймақта тыныш ҳәм қәўипсиз орталық жаратыў тәрепдары екенин, ислам дүньясы менен бирге Жақын Шығыс машқалаларын тыныш жол менен шешиўге таяр екенин билдирди. Барған сайын қыйынласып баратырған көп жыллық келиспеўшиликти шешиў, жәбир көргенлерге гуманитарлық жәрдем көрсетиў, бийбаҳа тарийхый-мәдений естеликлерди зыянсыз сақлап қалыў зәрүр екенлигин атап өтти. Урыста жәбирленген бир топар палестиналы балалар ҳәм ҳаял-қызларды мәмлекетимиз емлеўханаларында бийғәрез емлеўге таяр екенлигин мәлим етти.
Бул сақаўат дүнья жәмийетшилиги көз алдында әмелге асырылды. Өзбекстанға палестиналы 100 бала ҳәм ҳаял алып келинди. Тек усы ғана емес. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен өткен жыллары оғада қурамалы шараятта өткерилген "Меҳр" операциялары шеңберинде Сирия, Ирак ҳәм Аўғанстанда аўыр жағдайға түсип, илажсыз қалған 438 өзбекстанлы ҳаял-қызлар ҳәм балалар елимизге қайтарылды. Бундай операция және қай жерде ҳәм қашан өткерилгенин еслеў қыйын.
Жақынға шекем дүнья жәмийетшилигиниң Өзбекстан ҳаққындағы түсиниги бираз тар еди. Дүнья цивилизациясының раўажланыўына шексиз үлес қосқан илимпаз ата-бабаларымызды айтпасақ, бизди "еки дәрья аралығында пахта жетистириўши, қолы шебер теримши халық" дегенлер көп еди. Бизге усы көз бенен қарады. Енди дүнья картасында раўажланыўдың жоқары басқышларына умтылып атырған Өзбекстан жаңа статуста көзге тасланбақта. Мәмлекетимиз басшысының ел-журт мәпи менен биргеликтеги халықшыл сиясаты тийкарында ашық-айдынлық, халық пенен бәрқулла үнлес болыў, ҳәр бир пуқарда миллет ҳәм мәмлекеттиң тәғдирин көриў, ҳәр бир жасты өз перзентиндай тәрбиялаў мақсети жәмленген. Мәмлекет ҳәм жәмийет турмысындағы ҳәр бир қәдем, ҳәр бир ҳәрекет, пәрман ҳәм қарар усы мақсетке бағдарланған.
Өзбекстанда бул жақты дүньяда жасаўдың руўхый тийкарларынан бири болған жақсы қоңсышылық, бирге ислесиў ҳәм аўызбиршилик сиясаты әмелге асырылмақта. Реформалар пайдалы бирге ислесиў, өз-ара исеним ҳәм ҳүрметтен басланды. Тек биз емес, қан тамыры, дини ҳәм тарийхы бир, суўы суўына, жолы жолына тутас қоңсылар бул сиясатты қардан кейинги байшешектей, жабық болған булақтың көзиниң ашылыўындай қарсы алды.
Сағыныш сезимлери өзлерине терең кирип кеткен екен, адамлар бурынғы өкпени умытып, бир-бирин қушақлап жылады. Жоллар ашылды, тосқынлықлар алып тасланды. Мәмлекетлерди емес, қала ҳәм районларды, шегара алды аўылларды да бир-биринен ажыратып турған, әкесин баладан, қызды анадан, ағаны үкеден ажыратып, ортасына суўық салған қорқынышлы блокпостлар шетке сүртип жиберилди. Өзбекстан пуқаралығын алыў тәртиби әпиўайыластырылғаны себепли, бир-биринен ажыралып қалған жүз мыңнан аслам шаңарақ бирлести.
Шайыр "Қуваның әнарындай" деп тәрийиплеген, "қолға алып көтерсең көтергендей" кишкене планетада жасаймыз. Жер, суў, ҳаўа, тоғай ҳәм саҳра, таў ҳәм далалар, адырлар бир-бирине тутасып, бири екиншисине сиңип кеткен. Бәҳәр нәпеси шегарасыз жүреди, суў тосқынлықларға итибар бермей ағады, қуслар бир аспанда пәрўаз етеди. Инсан усы улыўма ана бесикти қәстерлеп сақлаўы, шүкиршилик пенен тыныш-татыў жасаўы, ыссы-суўық күнлерде бир-бирине жолдас ҳәм қайғылы болыўы керек.
Тәғдирдиң өзи бизлерди өз-ара байланыстырып қойған. Әтирапымызды қоршап турған саўлатлы таўлар, уллы шыңлар, шөл-саҳралардың орнын өзгертип болмайды. Ескен самал есип тура береди, ағып кеткен дәрья ақпай қалмайды. Жети емес, жетпис жети бабамыз бирге жүрген жоллардан бизлер де бирге жүрейик. Жақсы қоңсышылық, миймандослық, мийрим-шәпәәт ел-журтты көп апатшылықтан сақлаған ҳәм буннан кейин де сақлайды.
Тилекке қарсы, көп жыллар бул уллы ҳақыйқаттың бетин шаң қаплады. Әлийшер Наўайы, Абдураҳман Жәмий, Абай, Мақтымқулы, Шыңғыс Айтматов шығармаларында сәўлеленген турмыслық жол-нәсиятларға сая түсти. Бир-биримизди кемирек тыңлайтуғын, сағынбайтуғын, бир-биримизсиз де жумыс ислейтуғын болып қалдық. Тәжирийбесиз шабандозлардай ҳәр тәрепке ат шаптық. Көп жыллар бул айрылықтың азабын сезип жүргенимизге қарамастан, бир-биримизге душпанлық еттик, тек бир тәрепти ҳақ деп билдик.
Тилекке қарсы, бул қолайсыз жағдай Президентимиздиң басламасы, сиясий ерк-ықрары ҳәм исеними, жақын бес мәмлекет басшыларының қоллап-қуўатлаўы, әмелий ҳәрекети менен жуўмағына жетти. Бүгин енди бул тәбийий емес шеклеўлердиң тамырын қазып ўақыт өткериўдиң пайдасы жоқ – шаппат еки қолдан шығады, дейди. Усының өзи жеткиликли.
Дүньяны гөззаллық қутқарады, деген сөз бар. Солай, бирақ бул процессте гөззаллық пенен бирге мәнаўият, ағартыўшылық, әдеп-икрамлылық, исеним де белсене қатнасады. Тилекке қарсы, шекленген жылларда әдебий-мәдений байланыслар, дөретиўшилик бирге ислесиў де төменледи. Бул бағдардағы жақсы дәстүрлер умытылып баратырған еди. Бүгин бул жоғалтыўлардың орны толтырылмақта. Тәжик, қазақ, қырғыз, түркмен кәсиплеслеримиз кейинги ўақытлары бир емес, бир неше мәрте елимизге келип кетти. Өзбекстанлы дөретиўшилер Хоженд, Бишкек, Ош, Алмата, Астана, Ашхабадқа барды. Шайыр ҳәм жазыўшылар бир-бирин исенимли аўдармақта.
Мәденият ҳәм көркем өнер халқы бир-бирин күтип тур екен. Мине, енди ашық-айдынлық дәўиринде олардың ҳәр бир ушырасыўы туўысқанлық, тәғдирлеслик байрамына айланбақта. Бес мәмлекет арасындағы социаллық-руўхый бирлик бүгинги қыйын дәўирдиң сийрек ушырасатуғын үлгилеринен бири сыпатында дүньяның басқа регионларына да өзиниң унамлы тәсирин өткермекте.
Президентимиз әсирлер даўамында бир-бирине ийинлес болып келген халықлар арасындағы исенимди тиклеўге, жаңа сапа басқышына көтериўге еристи, бул жумысты өзиниң ел-журт алдындағы муқаддес миннети деп билди. БМШ минберинде, ири халықаралық әнжуманларда, рәсмий мәмлекетлик сапарларда алға қойып атырған басламаларында жақсы қоңсышылық, пайдалы бирге ислесиў ҳеш нәрсеге салыстырып болмайтуғын қүдиретли күш екенин қайта-қайта атап өтти. Бул күш бир-бирине тутас мәмлекетлер арасында ғана емес, дүьняның еки миллиард халқы жасайтуғын Орайлық ҳәм Қубла Азия регионлары менен де пайдалы байланысларды жолға қойыў, тынышлық-татыўлыққа, ашық-айдынлық ҳәм түсинисиўге ерисиў, әсирлер даўамында инсанияттың жолын бийғәрез жарытып келген руўхый бирлик тамырларын беккемлеўге хызмет етеди.
Тек ғана Аўғанстанда тынышлық орнатылса, Жақын Шығыс базарларына қәўипсиз саўда жолы ашылады. Қубла Азия мәмлекетлери Өзбекстан ушын ири экономикалық базарға айланады. Буннан тек биз емес, қонсы қоңсыларымыз да пайда көреди. Еки регион арасында системалы транспорт қатнаўының жолға қойылыўынан Европа мәмлекетлери де мәпдар болады.
Әлбетте, бул мақсетке тек ғана қәлеў менен ерисип болмайды. Ҳәр бир мәмлекеттиң өзине тән ишки ҳәм сыртқы сиясаты, дүзими, нызам-қағыйдалары, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери бар. Президентимиз усы тәреплерди есапқа алып, дүнья мәмлекетшилиги тәжирийбеси ҳәм региондағы реал жағдайдан келип шыққан ҳалда Аўғанстан мәселесинде интакер болыўды, бул бағдардағы жетекшиликти әмелий ҳәрекетлер менен беккемлеўди өз жуўапкершилигине алды.
Уллы бабамыз Әлийшер Наўайының бәркамал инсан, аўызбиршилик, өз-ара ҳүрмет-иззет, кеңпейиллик ҳаққында буннан бес ярым әсир алдын айтқан уллы сөзлери дүнья халқының усы мақсетке ерисиў жолын бүгин де жарытып турған болса, Шыңғыс Айтматовтың инсаниятқа "Жер таласпаң, суў таласпаң, таўларды қулатпаң, тәбиятты қәстерлеп сақлаң, инсанды инсан дәрежесинде сақлап қалыңлар", деген ўәсияты да әсирлер даўамында әйне усы мақсетке хызмет етеди.
Аҳмаджон МЕЛИБОЕВ,
жазыўшы