Аналар ҳәййиў айтқанда

    23 қаңтар 2025 74

    Соңғы жыллары елимизде жасларымызды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялап, олар арасында миллий қәдириятларымызды кеңнен ен жайдырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарында көплеген руўхый-ағартыўшылық илажлар әмелге асырылып келинбекте. Бул болса, өсип киятырған жас әўлад ўәкиллериниң кәмил инсан болып жетилисиўинде әҳмийетли орын тутпақта.

    Тахтакөпир районы Мәденият орайында районлық ҳаял-қызлар бөлими ҳәм «Өрнекли ҳаяллар» топары ағзаларының басламасы менен ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, халқымыз арасында руўхый-ағартыўшылық орталығын жǝне де күшейтиў мақсетинде өткерилген «Анам айтқан ҳәййиўлер» ҳәм «Аналар қосық айтқанда» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажын да усылар қатарына киргизсек болады.

    Илажда районлық «Өрнекли ҳаяллар» топары баслығы А.Қабылбекова, районлық Ишки ислер бөлиминиң ҳаял-қызлар мǝселелери бойынша аға инспекторы, капитан Б.Бахиевалар шығып сөйлеп, елимизде ҳаял-қызлар ҳәм жасларды ҳǝр тǝреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетимизде сиясий белсендилигин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм оларға жаратылған кең имканиятлар ҳаққында айтып өтти.

    Илаж районлық мәденият бөлими ҳǝм «Аналар ансамбли» жәмәәтиниң халқымыздың миллий салт-дәстүрлерин сәўлелендириўши сахналық көринислери менен кеўилли даўам етип, бул қатнасыўшыларға өзгеше заўық бағышлады.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

    No date selected
    February 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    Use cursor keys to navigate calendar dates